Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

17

Нызамшылықтағы жаңалықлар


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

“Экологиялық аудит ҳаққында”ғы Нызам (678-санлы Нызам, 15.03.2021 ж.) Президент тәрепинен қол қойылды

  Нызамға көре, экологиялық аудит экологиялық аудиторлық шөлкеми ҳәм экологиялық аудит буйыртпашысы ортасында дүзилетуғын, экологиялық аудит өткериў мүддетлери ҳәм басқа шәртлери белгиленетуғын шәртнама тийкарында өткериледи.

  Экологиялық аудит субъектиниң искерлиги тийисли норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер талапларына муўапық болған жағдайда, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитети тәрепинен бир жыл даўамында тексерилмейди.

  Экологиялық аудит ықтыярий ямаса мәжбүрий формада өткерилиўи мүмкин.

   Қоршаған орталыққа тәсир көрсетиў қәўипи кем болған ямаса онша кем болмаған (локал тәсирге ийе) экологиялық аудит субъектлериниң искерлигине қарата экологиялық аудит ықтыярий тәртипте өткериледи.

  Қоршаған орталыққа жоқары ҳәм орташа тәсир көрсетиў қәўипине ийе болған экологиялық аудит субъектлери ҳәр жылғы мәжбүрий экологиялық аудиттен өткерилиўи керек.

  Экологиялық аудит өткериў жуўмақлары бойынша экологиялық аудит жуўмағы дүзиледи.

Бул жуўмақ сырлы ҳүжжет болып, экологиялық аудит буйыртпашысының разылығысыз әшкар етилиўине жол қойылмайды.

  Нызамға көре, экологиялық аудиторлық шөлкемлери өз искерлигин әмелге асырыў ўақтында ғәрезсиз болып табылады.

  Экологиялық аудиторлық хызметлерин көрсетиў ҳаққындағы шәртнама тек ғана экологиялық аудиторлық шөлкеминиң пуқаралық жуўапкершилиги қамсызландырыў полиси бар болған жағдайда дүзиледи.

  Экологиялық аудиторлик шөлкемлери Мәмлекетлик хызметлери агентлигинде мәмлекетлик дизимнен өткерилиўи керек.

  Экологиялық аудиторлық шөлкемлери мәмлекет ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, сондай-ақ жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары тәрепинен шөлкемлестирилиўи мүмкин емес.