Янгиликлар
18
Президент Пәрманы (ПП-6188-сан, 17.03.2021-ж.) менен бир қатар Президент ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди ҳәмде айырымлары өз күшин жойытқан деп табылды.
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
Президент Пәрманы (ПП-6188-сан, 17.03.2021-ж.) менен бир қатар Президент ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди ҳәмде айырымлары өз күшин жойытқан деп табылды.
Атап айтқанда, ендигиден былай Зулфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық комиссиясы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги қасында жәмийетшилик тийкарда искерлик көрсетеди ҳәмде оған мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң биринши орынбасары басшылық етеди.
(Алдын бул комиссия Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети қасында искерлик жүргизген)
Соның менен бирге, Президенттиң тийисли қарарына киргизилген өзгерислерге тийкар, профилактика инспекторын лаўазымға тайынлаў ҳәм лаўазымынан азат етиў ишки ислер министриниң жәмийетлик тәртипти сақлаў бойынша орынбасары тәрепинен әмелге асырылады.
(Алдын тийислигинше ўәлаят бас басқармалары баслықлары тәрепинен әмелге асырылған)
Буннан тысқары, профилактика аға инспекторы (бул лаўазым болмағанда профилактика инспекторы) пуқаралар жыйыны баслығының ҳуқық -тәртип мәселелери бойынша орынбасары ўазыйпасын орынлайды.