Янгиликлар
17
Мүрәжатқа итибарсызлық пенен қараған директорға жәрийма жазасы тайынланды
Мүрәжатқа итибарсызлық пенен қараған директорға жәрийма жазасы тайынланды
Тахтакөпир районлық әдиллик бөлими тәрепинен, өткерилген үйрениўлер даўамында, мектеп директоры Н.С тәрепинен пуқара Б.У.дыӊ 2020-жыл 2-сентябрь күнги жазған арзасын дизимге алмастан ҳәмде мүрәжат ийесине 2021-жыл
4-март күнине шекем ҳеш қандай себеплерсиз жуўап хаты берилместен қалғанлығы анықланды.
Яғный бул жерде Өзбекстан Республикасының «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында»ғы Нызам ҳәмде Министрлер Кабинетиниӊ 2018-жыл 7-май күнги 341-санлы Қарары менен тастыйықланған “Мәмлекетлик уйымларда, мәмлекетлик мәкемелерде ҳәм мәмлекет қатнасындағы шөлкемлерде физикалық ҳәм юридикалық шахслардыӊ мүрәжатлары менен ислеў тәртиби ҳаққында”ғы үлги Реже талаплары орынланбастан, нызамбузыўшылыққа жол қойылған.
Бул ҳүжжетлерде мәмлекетлик уйым, шөлкем ямаса олардың лаўазымлы шахсына келип түскен мүрәжат сол күнниң өзинде, жумыс ўақты таўсылғаннан кейин келип түскен жағдайда кейинги жумыс жумыс күни дизимнен өткерилиўи керек екенлиги;
сондай-ақ, арза ямаса шағым мәселени мазмуны бойынша шешиўи шәрт болған мәмлекетлик уйым, шөлкем ямаса олардың лаўазымлы шахсына келип түскен күннен баслап он бес күн ишинде, қосымша үйренип шығыў ҳәм (ямаса) тексериў, қосымша ҳүжжетлерди сорап алыў талап етилгенде болса бир айға шекем болған мүддетте қарап шығылатуғынлығы көрсетилген.
Әдиллик бөлими тәрепинен Жынаят ислери бойынша Тахтакөпир районлық судына мектеп директоры Н.С. ны ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў ҳаққында усыныс киргизилип, усы судтыӊ 2021-жыл 11-март күнги қарары менен жәрийма жазасы тайынланды.
Р.Курбанов
Тахтакөпир районы әдиллик бөлими бас мәсләҳәтшиси