Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

15

Коррупцияға қарсы гүресиў дәўир талабы


Бүгинги күнде коррупция машқаласы пуқаралық жәмийетиниң раўажланыўына тосқынлық қылатуғын тийкарғы факторлардың бири есапланады. Себеби, коррупция машқаласының турмысымызда ушырасыўы – нызам үстемлигин тәмийинлеў, демократиялық реформалардың нәтийжели әмелге асырылыўына ҳәм инсан ҳуқықларын бәрше орынларда ҳәм жағдайларда қорғалыўын тәмийинлеўге қәўип туўдырады. Коррупцияның ҳәўиж алыўы нәтийжесинде пуқаралардың ҳәкимиятқа болған исеними сөнеди, экономикада болса исбилерменлер арасындағы ҳақыйқый бәсекилик орталығы болмайды.
Бунда кери жағдайлардың, яғный жаман тәсирлердиң келип шығыўының алдын-алыў ҳәм бар болған машқалаларды кешиктирместен шешиў ең үстин ўазыйпа екенлигин Президентимиз Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң
24 жыллығына бағышланған мәресимде “Нызам үстемлиги ҳәм инсан мәплерин тәмийинлеў - журт раўажланыўы ҳәм халық пәрәўанлығының гиреўи” атлы баянатында “Жәмийет раўажланыўына ғаў болатуғын және бир иллет – бул коррупция бәлесидур. Бундай қәтерге қарсы гүресиў мақсетинде жақында Нызамшылық палатасы тәрепинен қабыл етилип, Сенатқа жиберилген “Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында”ғы нызамды тезирек әмелиятқа енгизиў ис-иләжларын көриўимиз лазым. Булардың барлығы, өз гезегинде, инсан ҳуқық ҳәм мәплерин исенимли қорғаў системасын жетилистириўге, халқымыздың мәмлекетлик ҳәкимиятқа болған исенимин еледе беккемлеўге хызмет етеди” деп айтып өткен.
Усы қойылған ўазыйпаға муўапық, Өзбекстан Республикасы “Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында”ғы нызамы тез арада қабыл етилди ҳәм “Халқ сўзи” газетасының 2017-жыл 4-январдағы 2-санында рәсмий жәрияланып сол күннен күшке кирди.
Бул нызам 34 статьядан ибарат болып, 2017-жыл 4-январьдан баслап күшке кирди, бул нызамның мақсети коррупцияға қарсы гурес тараўындағы қатнасықларды тәртипке салады, коррупция сөзи-шахстың өз лаўазымнан яки хызметинен жеке мәплерине ямаса басқа шахслардың мәплерин гөзлеп материаллық яки материаллық емес пайда көриў мақсетинде нызамға қарсы түрде пайдаланыў, сондай-ақ нызамға қарсы түрде ислеў болатуғынын, коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлық - коррупцияны нәзерде тутыўшы ҳәрекетлерди ислегени ушын нызам ҳүжжетлеринде жуўапкершилик нәзерде тутылған қылмыс болып есапланатуғыны, мәплердиң қарама қарсы келиўи-жеке (туўырыдан ямаса көз қырынан қарап лаўазымлы шахстың лаўазымын яки хызмет минетлемелерин лазым дәрежеде орынлаўға тәсир көрсеткен ямаса тәсир көрсетиўи мүмкин болған ҳәмде жеке мәп пенен пуқаралардың, шөлкемлердиң жәмийеттиң яки мәмлекеттиң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплери ортасында қарама-қарсылық жүзеге келген яки жүзеге келиўи мүмкин болған жағдай екенин ҳәмме кең жәмийетшилик болып бул иллетке қарсы гүресиў керек.
Ҳәр бир физикалық ҳәм юридик шахслар олардың бузылған ҳуқықларын тиклеў, ҳәр қандай коррупция көринисиндеги ҳалатларды, лаўазымлы шахслар тәрепинен дәмегөйлик қылыў мақсетинде яки басқа мәплерин гөзлеген ҳалда нызамсыз араласыў ҳәм тосқынлық қылыў жағдайлары ҳәм басқада нызамға қарсы ис-ҳәрекетлери жүзесинен ҳуқықбузарлықларды өз ўақтында анықлаў, оларға шек қойыў, олардың ақыбетлерин, оларға имкан бериўши себеплер ҳәм шәрт-шәраятларды сапластырыў, коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықларды сәдир еткени ушын жынайый жуўапкершиликтиң жазасыз қалмаўы ҳаққында нызам талапларына әмел етиўин тәмийинлеў бойынша қатаң шаралар белгиленген.
Соны айтып өтиў керек, Конституциямыздың 35-статьясында ҳәр бир шахс тиккелей өзи ҳәм басқалар менен биргеликте ўәкилликли мәмлекет органлары, шөлкемлери яки халық ўәкиллерине арза, усыныс ҳәм шағымлар менен мүрәжат етиў ҳуқықына ийе екенлиги белгилеп қойылған.
Мәмлекетимизде коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў раўажланыўымыздың жоқары шыңы болып табылады.

Тахтакөпир районы әдиллик
бөлиминиӊ бас мәсләҳәтшиси    Р.Курбанов