Янгиликлар
15
2019-жылда Әдиллик министрлигине келип түскен мүрәжат ақырында өзиниң унамлы шешимин тапты. Бул ўақыт аралығында...
2019-жылда Әдиллик министрлигине келип түскен мүрәжат ақырында өзиниң унамлы шешимин тапты. Бул ўақыт аралығында...
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 14-май күнги “Исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў ҳәм қорғаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ис-иләжлары ҳаққында”ғы ПП-5718-санлы Пәрманына муўапық, 2019-жыл 7-июнь күни Өзбекстан Республикасы Әдиллик министри басшылығындағы исши топар тәрепинен Нөкис қаласында болып өткен ушырасыўда қабыл етилген пуқара Б.У.дың мүрәжаты үйренилип шығылды.
Бул мүрәжатта, Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен “Нөкис дийхан базары” ААЖ аймағында жайласқан жәмийетке тийисли турақ жай болмаған имәратларын бузыў ҳәмде қурылыс ислерин алып барыўда тосқынлықлар қылыў мәжбүриятын жүклеў ҳаққында даўа арзасы киритилип, имаратқа компенсация пуллары төлеп берилмегенлигинен наразылығын билдирип, келтирилген материаллық ҳәм мораллық зыянларды өндириў бойынша әмелий жәрдем сораған.
Үйрениў даўамында, Пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлараралық судының 2015-жыл 6-июль күнги бийлиги менен Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң даўа арзасы қанаатландырылып, пуқара Б.У.дың “Нөкис дийхан базары” ААЖ аймағындағы улыўма майданы 84,9 м2 болған жеке меншик имәратын бузыў ҳәм Б.У.ға қурылыс жумысларын алып барыўға тосқынлық қылмаў миннетлемеси жүкленгенлиги, сондай-ақ бул бийлик Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша апелляциялық судлаў коллегиясының 2015-жыл 18-август күнги 3-230-15-санлы уйғарыўы менен өзгериссиз қалдырылғанлығы анықланды.
Суд қарарлары үйренилип шығылғанында, пуқара Б.У.ға тийисли жер участкасы Нөкис қаласы ҳәкиминиң 2013-жыл 2-декабрь күнги 01/12-1106-санлы қарарына муўапық алып қойылғанлығы көрсетилген.
Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2006-жыл 29-май күнги 97-санлы қарары менен тастыйықланған Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик мүтәжликлери ушын жер участкаларының алып қойылыўы мүнәсибети менен пуқараларға ҳәм юридикалық шахсларға жеткерилген зыянларды қаплаў тәртиби ҳаққындағы Режениң 8-бәнтинде, жер участкаларын алып қойыў компенсациясы пуқараларға турақ-жай майданының социаллық нормасынан кем болмаған басқа тең қунлы абат турақ жайды мүлик қылып бериў ҳәм тереклер қунын төлеў, жер участкасын өзлестириў дәўирине еки жылға дейин мүддет пенен ижара шәртнамасы тийкарында ўақтынша турақ жай берилип, бузылып атырған жайлар (квартиралар), имаратлар, қурылмалар ҳәм тереклердиң қуны толық төленген ҳалда пуқараларға жеке тәртипте турақ жай қурыў ушын белгиленген норма шеңберинде жер участкасы бериў, юридикалық шахсларға алдынғысына тең қунлы мал-мүлик бериў ҳәм мәмлекетлик яки жәмийетлик мүтәжликлери ушын жер участкасы алып қойылыўы ақыбетинде жеткерилген басқа зыянларды қаплаў ҳәм тағы басқа түрлери берилиўи шәрти менен әмелге асырылатуғынлығы көрсетилген:
Өзбекстан Республикасы Жер кодексиниң 41-статьясы 4-бөлиминде, физикалық шахсларға берилген жер участкасы – усы шахслар қәлеўине көре тең майдандаға басқа жер участкасы ажыратылғанынан соң, усы жер участкасы ажыратып берилип атырған кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлекмлер, алып қойылып атырған жер участкасының орнына таза жерде тийисли имаратларды қурып бергенинен кейин ҳәмде Кодекстиң 86-статьясындағы барлық зыянлар (қолдан шығарылған пайда да соның ишинде) толық көлемде қапланғанынан кейин алып қойылыўы мүмкинлиги белгиленген.
Бирақ, Нөкис районлараралық пуқаралық ислери бойынша суды тәрепинен пуқара Б.У.дың “Нөкис дийхан базары” ААЖ аймағындагы улыўма майданы 84,9 м2 болған жеке меншик имәратына төлем муғдарын ҳәм компенсация түрин белгилеў мәселеси шешилмей қалғанлығы итибарға алынбаған.
Әдиллик министрлиги тәрепинен 2019-жыл 1-ноябрь күни пуқара Б.У.дың мәпин гөзлеп жуўапкер Нөкис қаласы ҳәкимлигине қарата жеке меншик ҳуқықларының бузылыўының ақыбетинде келтирилген зыянларды қаплаў ҳаққындағы пуқаралық иси көрилип, министрликтиң даўа арзасы қанаатландырылмастан қалдырылды.
Буннан соң, 2019-жыл 3-декабрь күни Әдиллик министрлигиниң кассация тәртибинде берген нәрийзалық арзасы көрип шығылып, суд бийлигиниң компенсация өндириў бөлими бийкар етилди ҳәм суд уйғарыўына муўапық тийкарғы талапкердиң пайдасына 112 489 661 сум өндириў белгиленди.
Суд уйғарыўына тәреплердиң бақлаў тәртибинде берген нәрийзалық арзасына тийкар ис 2020-жыл 3-август күни Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының бақлаў инстанциясында көрилип, 2019-жыл 3-декабрь күнги суд уйғарыўы бийкар етилип, ис кассация инстанциясында көрип шығылыў ушын қайтарылды.
Бул ис Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша кассация инстанциясында 2020-жыл 10-сентябрь күни көрилип, судтың 2019-жыл 1-ноябрь күнги бийлиги күшинде қалдырылды.
Буннан кейин, 2020-жыл 15-декабрь күни ис талапкер Б.У.дың бақлаў тәртибиндеги нәрийзалық арзасына тийкар бақлаў тәртибинде көрилип, 2020-жыл 10-сентябрь күнги кассация инстанциясының уйғарыўы бийкар етилди.
Солай етип, 2021-жыл 9-февраль күни пуқаралық ислери бойынша Қарақалпақстан Республикасы Нөкис районлараралық судының бийлиги менен Әдиллик министрлигиниң пуқара У.Б.ның мәпин гөзлеп берилген даўа арзасы қанаатландырылып, У.Б.дың пайдасына жуўапкер Нөкис қаласы ҳәкимлигинен 288 174 648 сум материаллық зыян ҳәм 3 000 000 сум руўхый зыян өндириў белгиленди.
Амангелди Абатов,
Инсан ҳуқықларын қорғаў бөлими
бас мәсләҳәтшиси