Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

15

“Жаслар дәптери”не киргизилген жасларға бир мәртелик материаллық жәрдем көрсетиледи


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

“Жаслар дәптери”не киргизилген жасларға бир мәртелик материаллық жәрдем көрсетиледи

“Жасларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы Ҳүкимет қарары (132-сан, 11.03.2021-ж.) қабылланды.

  Қарар менен “Жаслар дәптери”не киргизилген жасларды қоллап-қуўатлаў фонды ҳаққындағы үлги реже тастыйықланды.

  Режеге көре, “Жаслар дәптери” фонды қаржылары, атап айтқанда, төмендегилерге жөнелтириледи:

➖ “Жаслар дәптери”не киргизилген материаллық жағдайы қыйын жасларға БЕМның 4 есесине шекем муғдарда бир мәртелик материаллық жәрдем көрсетиўге;
➖ жасларды исбилерменлик ҳәм кәсип-өнерге оқытыў бойынша мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлерине жумсалатуғын қәрежетлердиң 75 пайызына шекемги бөлегин қаплаўға ;
➖ “Жаслар дәптери”не киргизилген жасларға исбилерменлик искерлиги ҳәмде өзин өзи бәнт етиў мақсетинде турақ жай болмаған орынның 12 айға шекем ижара қәрежетлерин көби менен бир жылда БЕМның 25 есесине шекем муғдарда қаплаўға;
➖ “Жаслар дәптери”не киргизилген  жасларға исбилерменлик искерлигин баслаў ҳәм өзин өзи бәнт етиўге зәрүр болған әсбап-үскенелер ҳәм мийнет қуралларын сатып алыў ушын БЕМның 40 есесине шекем муғдарда субсидия ажыратыўға ;
➖ мәмлекетимиздеги ЖООда оқып атырған “Темир дәптер”ге киргизилген  шаңарақлардың перзентлери төлемли-контракт суммасының 50 пайызына шекем, бирақ БЕМның 50 есесинен аспаған муғдарда төлеп бериўге;
➖ “Темир дәптер”ге киргизилген  шаңарақлардың жағдайы аўыр болған наўқас перзентлерине мәмлекетте ямаса сырт мәмлекетте емлениў менен байланыслы қәрежетлерди БЕМның 50 есесинен аспаған муғдарда қаплаўға.

  Фонд қаржыларын қәлиплестириў, басқарыў ҳәм олардан пайдаланыў мақсетинде мәпдар мәкемелер басшылары ҳәм жәмийетшилик ўәкиллеринен ибарат қурамда Қәўендерлик кеңеси дүзиледи.

  Қәўендерлик кеңеси баслығы ҳәр шеректе Фонд дәраматлары ҳәм қәрежетлери орынланыўы ҳаққында халық депутатлары район (қала) Кеңесине есабат береди.

  Жаслар ислери агентлигиниң район (қала) бөлими Фондтыңисши органы есапланады.

  Фондтың ағымдағы жылда пайдаланылмай қалған қаржылары кейинги жылға өтеди ҳәм район (қала) жергиликли бюджетине алып қойылмайды.