Янгиликлар
12
❗️Субсидия алыў ушын арза бериўшиниң дәраматларына жақын ағайинлериниң дәраматлары да киргизилиўи мүмкин
❗️Субсидия алыў ушын арза бериўшиниң дәраматларына жақын ағайинлериниң дәраматлары да киргизилиўи мүмкин
Пәрманға (https://t.me/huqiqiymalimleme/4492) тийкар, 2021-жыл 1-июньнан баслап ипотека кредити бойынша дәслепки төлем ҳәм процент төлемлериниң бир бөлегин қаплаў ушын субсидиялар төлеўдиң әпиўайыластырылған тәртиби енгизиледи.
Оған муўапық :
➖пуқаралар тәрепинен субсидия алыў ушын арзалар жыл даўамында тапсырылыўы мүмкин;
➖субсидия алыў ушын мүрәжат еткен арза бериўшиниң дәраматларына ол менен бирге жасамай атырған жақын ағайынлериниң дәраматлары да киргизилиўи мүмкин;
➖субсидия алыў ушын мүрәжат еткен арза бериўшиден “Социаллық қорғаў бирден-бир реестри” мәлимлеме системасы арқалы алыў мүмкин болған ҳүжжетлерди (мағлыўматларды) талап етиў қадаған етиледи;
➖уй-жай сатып алыў ушын субсидия ажыратыў ҳаққындағы хабарнама олар берилген ўақыттан баслап 12 ай даўамында әмел етеди.
Турақ-жай шараятларын жақсылаўға мүтәж пуқаралар, сондай-ақ ҳаял-қызларды ижара ҳуқықы тийкарында ўақтыншалық жайластырыў ушын турақ-жайлар сатып алынады (1 000 квартира).
2021-жыл 1-июньнан Ташкент қаласында тәжирийбе жол менен де баспанасыз, аўыр турмыс шараятына түсип қалған ҳәмде “Социаллық қорғаў бирден-бир реестри” мәлимлеме системасында дизимге алынған пуқараларға ижара қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў ушын
6 ай даўамында айлық ижара төлемлериниң 50 проценти муғдарында, бирақ БЕМның еки ярым есеинен аспаған ҳалда айлық пул компенсациясын төлеў тәртиби енгизиледи.
Пәрманға көре, социаллық шерикликти және де күшейтириў, компенсация, субсидиялар ҳәм мәмлекет тәрепинен усынылатуғын басқа жеңилликлерди әдалатлы бөлистириў ҳәмде олардан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде “Халқпарвар” комиссиялары шөлкемлестириледи.
2021-жыл 1-майға шекем халыққа қолай формада мағлыўматларды усыныс етиўши ипотека базары веб-порталы иске түсириледи.