Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

11

2021-жыл 13-март күни мәмлекетимиздиң барлық аймақларында “Абат ҳәм көркем мәҳәллем” абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў улыўмахалықлық қайырқомлық шембилик өткериледи.


#Әдиллик_хабары

Наўрыз улыўмахалықлық байрамын мүнәсип белгилеўге таярлық көриў, аймақлардың эпидемиологиялық тынышлығын сақлаў, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаў, мәҳәллелер, халық жасаў орынларын абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў мақсетинде Ҳүкимет бийлиги қабыл етилди.  

2021-жыл 13-март күни мәмлекетимиздиң барлық аймақларында “Абат ҳәм  көркем мәҳәллем” абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў улыўмахалықлық қайырқомлық шембилик өткериледи.

Шембилик мүнәсибети менен министрликлер, кеңселер ҳәм басқа шөлкемлерде мийнет етип атырған хызметкерлердиң ықтыярлы қаржылары Өзбекстан “Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фондының банктеги есап бетлерине өз басламаларына тийкар өткерилиўи усынылды.

шембиликтен түскен қаржылар кем тәмиийнленген, бағыўшысын жойытқан шаңарақларға, социаллық қорғаўға мүтәж кекселерге, майыплығы болған шахсларға, жалғыз кекселерге, пенсионерлерге материаллық ҳәм руўхый жәрдем көрсетиў сыяқлы илажларға жумсалыўы нәзерде тутылмақта.  

Хушнуд Атаджанов,
Кадрлар бөлими бас мәсләҳәтшиси