Янгиликлар
11
Өзбекстан пуқаралығы мәселелерин көрип шығыў тастыйықланды
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
Өзбекстан пуқаралығы мәселелерин көрип шығыў тастыйықланды
Президент Пәрманы (ПП–6185-сан, 10.03.2021-ж.) менен Өзбекстан Республикасы пуқаралығы мәселелерин көрип шығыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Режеге тийкар, Өзбекстан пуқаралығы мәселелери бойынша илтимаснама ҳәм арзалар:
➖ Өзбекстан аймағында жасап турған шахс тәрепинен – турақлы жасаў орнындағы ишки ислер уйымына;
➖ Өзбекстаннан тысқарыда жасаўшы шахс тәрепинен – Өзбекстанның консуллық мәкемеси, сондай-ақ Өзбекстан дипломатиялық ўәкилханасының консуллық бөлимне тапсырылады.
Ата-анасы ямаса олардан биреўиниң пуқаралығы өзгергенде олардың илтимасына тийкар, 14 жастан 18 жасқа шекем болған баланың пуқаралығы тек ғана оның жазба разылығы менен өзгертилиўи мүмкин.
18 жасқа толған ҳәм қатнасық уқыплылығына ийе болған, Өзбекстанда турақлы жасаўшы шет ел пуқарасы ямаса пуқаралығы болмаған шахс Өзбекстан пуқаралығына улыўма тийкарда қабыллаў бойынша илтимаснама менен мүрәжат етиўи мүмкин.
Илтимаснама 3 жумыс күнинде үйренип шығылады.
➡️ Мағлыўматлар 3 жумыс күнинде “E-Fuqaro” ведомстволараралық мағлыўматлар базасына киргизилип, материаллар Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Ташкент қала ҳәм Ташкент ўәлаяты ишки ислер бас басқармалары, ўәлаят ишки ислер басқармаларына жибериледи.
“E-Fuqaro” ВМБда тексериўден өтип, жуўмақланған талапнамаға муўапық тексериў бети шығарылады.
➡️ Материаллар ҳәм тексериў бети тийкарында 1 айлық мүддетте жуўмақ таярланып, ишки ислер министри ямаса оның орынбасарларынан бири тәрепинен тастыйықланады ҳәмде улыўмаластырылған мәлимлеме-мағлыўматнама менен бирге көрип шығыў ушын Президент жанындағы Пуқаралық мәселелери бойынша комиссияға жибериледи.
☑️ Реже менен сондай-ақ, Өзбекстан пуқаралығына әпиўайыластырылған тәртипте қабыл етиў тәртиплери белгиленди.