Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

10

Пуқаралардыӊ ис ҳақылары ѳз ўақтында тѳлениўи тийис


Пуқаралардыӊ ис ҳақылары ѳз ўақтында тѳлениўи тийис

Өзбекстан Республикасыныӊ Мийнет нызамшылығында ҳәр бир шахстыӊ әдалатлы мийнет шәраятларында жумыс ислеўи, ис ҳақылары ўақтында төлениўи, тийисли тәртипте жумыссызлықтан қорғаныў ҳуқықлары тәмийинлениўи белгиленген.

Мойнақ районы әдиллик бөлимине «Таллы-ѳзек» МПЖда жасаўшы пуқара Е.Б. ҳәм Қоӊырат районы Ѳзбекстан кѳшесинде жасаўшы пуқара М.А.лар Мойнақ районындағы мәмлекетлик карханалардыӊ биринде жумыс ислеп, ислеген дәўири ушын ис ҳақыларын толық алалмай атырғанлығынан наразылығын билдирип, ис ҳақыларын өндирип бериўде әмелий жәрдем сорап мүрәжат етти.

Мүрәжатты үйрениў даўамында бөлим тәрепинен Пуқаралық ислери бойынша Қоңырат районлараралық судына арза киритилип, пуқара М.А ның 2016-жыл октябрь айынан 2021-жыл январь айына шекемги ислеген дәўириндеги 13 127 661 (он үш миллион бир жүз жигирма жети мыӊ алты жүз алпыс бир) сум ҳәмде пуқара Е.Б ның 2020-жыл октябрь-декабрь айларында ислеген дәўириндеги 1 713 652 (бир миллион жети жүз он үш мыӊ алты жүз елиў алты) сумлық ис ҳақыларын өндириў бойынша суд буйрығы шығарылды ҳәм пуқаралардың мүрәжатлары қанаатландырылды.


А.Дастенов,
Мойнақ районы әдиллик бѳлими баслығы