Янгиликлар
10
Пуқаралардың мүрәжатлары тийкарында мийнет нызамшылығында белгиленген ҳуқықлары қорғалыўы тәмийинленбекте
Пуқаралардың мүрәжатлары тийкарында мийнет нызамшылығында белгиленген ҳуқықлары қорғалыўы тәмийинленбекте
Өзбекстан Республикасы Мийнет нызамшылығында ҳәр бир шахс әдалатлы мийнет шәраятларында жумыс ислеў, ис ҳақылары ўақтында төлениўи, тийисли тәртипте жумыссызлықтан қорғаныў ҳуқықлары тәмийинлениўи белгиленген.
Қанлыкөл районы әдиллик бөлимине пуқаралардан мийнет қатнасықлары тараўында бир қатар мүрәжатлар келип түспекте.
Әне усы Мийнет нызамшылығында белгиленген ҳуқықларының бузылғанлығынан наразы болып бөлимге Қанлыкөл районы Дослық ҳәм Мәденият МПЖларда жасаўшы пуқаралар Д.С ҳәм С.Блар 2017-2020-жыллар аралығында ислеген дәўириндеги ис ҳақыларын усы күнге шекем алалмай атырғанлығынан наразылығын билдирип, өндирип бериўде әмелий жәрдем сорап мүрәжат еткен еди.
Пуқаралардың мүрәжатлары үйренилип, бөлим тәрепинен Пуқаралық ислери бойынша Қоңырат районлар аралық судына арза киритилип, пуқара Д.С ның 2017-жыл май айынан 2020-жыл июль айына шекемги ислеген дәўириндеги 18.317.016 (он сегиз миллион үш жүз он жети мың он алты) сум, пуқара С.Б дың 2017-жыл май-ноябрь айларында ҳәм 2018-жыл июнь-июль айларында ислеген дәўириндеги 3.220.340 (үш миллион еки жүз жигирма мың үш жүз қырық) сум жуўапкер мекеме тәрепинен аласы жәми 21.537.356 (жигирма бир миллион бес жүз отыз жети мың үш жүз елиў алты) сум ис ҳақы бойынша қарыздарлықты өндириў бойынша суд буйрығы шығарылды ҳәм пуқаралардың мүрәжатлары қанаатландырылды.
Сондай-ақ, бөлимге Қанлыкөл районы Медицина бирлеспесинде ислеўши хызметкерлер А.Ф, С.Ж. Қ.А, М.Н лар 2020-жыл пандемия дәўиринде районда шөлкемлестирилген арнаўлы поликникада жумыс ислегенлигин, бирақ усы күнге шекем арнаўлы төлем төленбегенлигинен наразылығын билдирип, арнаўлы төлемлерди төлетип бериўде жәрдем сорап мүрәжат етти. Мүрәжатлар бөлим тәрепинен нызамшылық тийкарында үйренип шығылып, мүрәжатларды үйрениў дәўиринде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 24-сентябрь күнги 583-санлы “Өзбекстан Республикасында коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў илажларына ажратылатуғын қәрежетлердиң нәтийжелигин тәмийинлеўге байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы Қарары тийкарында медицина бирлеспесинде ислеўши хызметкерлер Ф.А ға 15.000.000 (он бес миллион) сум, А.Қ ға 7.080.000 (жети миллион сексен мың) сум, Ж.С ға 4.530.000 (төрт миллион бес жүз отыз мың) сум, Н.М ға 8.000.000 (сегиз миллион) сум қосымша төлемлер медицина бирлеспеси тәрепинен төленбегенлиги, нәтийжеде Министрлер Кабинетиниң 583-санлы Қарары талаплары ҳәм мийнет нызамшылығы талаплары бузылғанлығы анықланып, бөлим тәрепинен “Нызам ҳүжжетлериниң бузылыўы, олардың себеплери ҳәм оған алып келиўши шәрт-шәраятларды сапластырыў ҳәм келип шыққан қарыздарлықты төлеп бериў бойынша Қанлыкөл районы Медицина бирлеспесине усыныс киритилип, усынысқа тийкар хызметкерлерге төленбей қалған жәми 34.610.000 (отыз төрт миллион алты жүз он мың) сум қарыздарлық арнаўлы төлем төлеп берилип, хызметкерлердиң мийнет нызамшылығындағы ҳуқықлары қорғалыўы тәмийинленди.
Б.Матжанова,
Қанлыкөл районы әдиллик
бөлими бас мәсләҳәтшиси