Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

19

Бала күтими дем алысына кеткен хызметкердиң жумыс орны неге сақлап қалынбады...


Бала күтими дем алысына кеткен хызметкердиң жумыс орны неге сақлап қалынбады...

Шымбай районы әдиллик бөлими тәрепинен райондағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде 0,5 штат бирлигинде психолог лаўазымында жумыс ислеп келип, ҳәмиледарлық дем алысына жиберилген болыўына қарамастан жумысқа қайта тиклениўинде тосқынлық болып атырғанлығынан наразылығы ҳаққындағы мүрәжаты үйренилди.

Анықланыўынша, пуқара Г.К мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде 0,5 штат бирлигинде психолог лаўазымында жумыс ислеп келип, 2018-жылда ҳәмиледарлық дем алысына жиберилген.

Бирақ, ҳәзирги ўақытта шөлкем психологы лаўазымында басқа пуқара турақлы орында ислеп атырғанлығы мәлим болды.

Мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми директоры тәрепинен Өзбекстан Республикасы мийнет кодексиниң 234-статьясына муўапық, бала күтими дем алысында болған ҳаялдың жумыс орны (лаўазымы) сақлап қалыныўы лазымлығы ҳақкындағы талапларына әмел етилмегенлиги анықланды.

Мүрәжатты үйрениў даўамында әдиллик бөлими тәрепинен киритилген усынысқа тийкар пуқара Г.К мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине 0,5 штат бирлигинде психолог лаўазымына қайта тиклениўи тәмийинленди.

Палекеев Абат Парахатович,
Шымбай районы әдиллик
бөлими бас мәсләҳәтшиси