Янгиликлар
09
Нызамшылықта ҳаялларға қандай жеңилликлер бар?
Нызамшылықта ҳаялларға қандай жеңилликлер бар?
1. Ҳәмиледарлығы себепли ҳаялларды жумысқа қабыл етиўден бас тартыў қадаған етиледи
Ҳәмиледарлығы ямаса баласы бар екенлиги себепли ҳаялларды жумысқа қабыл етиўден бас тартыў ҳәм олардың ис ҳақын кемейтириў қадаған етиледи. Ҳәмиледар ҳаялды ямаса үш жасқа толмаған баласы бар ҳаялды жумысқа қабыл етиўден бас тартқан жағдайда жумыс бериўши бас тартыўдың себеплерин оларға жазба түрде мәлим етиўи шәрт.
2. Мийнет шәраяты қолайсыз жумысларда, сондай-ақ жер асты жумысларында ҳаяллар мийнетин қолланыў қадаған етиледи, жер астындағы айырым жумыслар (физикалық болмаған жумыслар ямаса санитария ҳәм турмыслық хызмет көрсетиў жумыслары) буннан тысқары.
Ҳаяллардың олар ушын мүмкин болған нормадан артық жүкти көтериўи ҳәм тасыўы қадаған етиледи.
3. Медициналық жуўмаққа муўапық ҳәмиледар ҳаяллардың ислеп шығарыў нормалары, хызмет көрсетиў нормалары кемейтириледи ямаса олар алдынғы жумысларындағы орташа айлық ис ҳақы сақланған ҳалда жеңилирек ямаса қолайсыз ислеп шығарыў факторларының тәсиринен аўлақ болған жумысқа өткериледи.
Ҳәмиледар ҳаялға жеңилирек ямаса нызамсыз ислеп шығарыў факторлары тәсиринен аўлақ болған жумыс бериў мәселеси шешилгенге шекем, ол сол себептен жумысқа шықпаған барлық жумыс күнлери ушын орташа айлық ис ҳақы сақланбаған ҳалда жумыстан азат етилиўи лазым.
4. Еки жасқа толмаған баласы бар ҳаяллар алдынғы жумысты орынлаўы мүмкин болмаған жағдайда, баласы еки жасқа толғанға шекем алдынғы жумысындағы орташа айлық ис ҳақы сақланған ҳалда жеңилирек ямаса қолайсыз ислеп шығарыў факторларының тәсиринен аўлақ болған жумысқа өткериледи.
5. 14 жасқа толмаған баласы бар ҳаялларды жумыс ўақтынан тысқары жумысларға тартыўға жол қойылмайды.
Ҳәмиледар ҳаялларды ҳәм он төрт жасқа толмаған баласы (он алты жасқа толмаған майып баласы) бар ҳаялларды олардың разылығысыз түнги жумысларға, ис ўақтынан тысқары жумысларға, дем алыс күнлериндеги жумысларға тартыўға ҳәм хызмет сапарына жибериўге жол қойылмайды. Соның менен бирге ҳәмиледар ҳаялларды ҳәм үш жасқа толмаған баласы бар ҳаялларды түнги жумысларға тартыўға бундай жумыс ана ҳәм баланың ден саўлығы ушын қәўип пайда етпеўин тастыйықлаўшы медициналық жуўмақ болған жағдайда ғана жол қойылады.
6. Үш жасқа толмаған балалары бар, бюджет есабынан финанслық тәрептен тәмийинленетуғын мәкеме ҳәм шөлкемлерде жумыс ислеп атырған ҳаялларға жумыс ўақтының ҳәптесине 35 сааттан аспайтуғын қысқартырылған мүддети белгиленеди.
7. Ҳәмиледар ҳаялдың, он төрт жасқа толмаған баласы (он алты жасқа толмаған майып баласы) бар ҳаялдың, соның ишинде қәўендерилигинде сондай баласы бар ҳаялдың ямаса шаңарақтың наўқас ағзасына қараў менен бәнт болған шахстың илтимасына көре, жумыс бериўши медициналық жуўмаққа муўапық оларға толықсыз жумыс күни ямаса толықсыз жумыс ҳәптеси белгилеўге мәжбүр.
8. Он төрт жасқа толмаған бир ҳәм оннан артық баланы (он алты жасқа толмаған майып баланы) тәрбиялап атырған жалғыз ата, жалғыз анаға (жесир ҳаяллар (еркеклер) некеден ажырасқанлар, жалғыз аналарға) ҳәм мүддетли әскерий хызметти өтеп атырған әскерий хызметшилердиң ҳаялларына жыллық дем алыслар, олардың қәлеўине көре жаз ўақтында ямаса олар ушын қолайлы болған ўақытта бериледи.
9. Айырым ҳаялларға ҳақы төленетуғын қосымша дем алыс бериледи
Он еки жасқа толмаған еки ҳәм оннан артық баласы ямаса он алты жасқа толмаған майып баласы бар ҳаялларға ҳәр жылы үш жумыс күнинен кем болмаған мүддет пенен ҳақы төленетуғын қосымша дем алыс бериледи.
Он еки жасқа толмаған еки ҳәм оннан артық баласы ямаса он алты жасқа толмаған майып баласы бар ҳаялларға олардың қәлеўине көре, ҳәр жылы он төрт календарь күннен кем болмаған мүддет пенен ис ҳақы сақланбаған ҳалда дем алыс бериледи. Бундай дем алыс жыллық дем алысқа қосып берилиўи ямаса жумыс бериўши менен келисип белгиленетуғын дәўирде оннан өз алдына (толық ямаса бөлеклерге бөлип) пайдаланылыўы мүмкин.
10. Ҳаялларға туўғанға шекем жетпис календарь күн ҳәм туўғаннан кейин елиў алты календарь күн (туўыў қыйын өткен ямаса еки ҳәм оннан артық бала туўылған жағдайларда – жетпис календарь күн) мүддети менен ҳәмиледарлық ҳәм туўыў дем алыслары берилип, мәмлекет социаллық қамсызландырыў бойынша напақа төленеди.
Ҳәмиледарлық ҳәм туўыў дем алысы жәмленген ҳалда есаплап шығылып, туўыўға шекем әмелде бундай дем алыстың неше күнинен пайдаланылғанына қарамастан ҳаялға толық бериледи.
11. Ҳаялға, оның қәлеўине көре, баласы үш жасқа толғанға шекем баланы қараў ушын ис ҳақы сақланбайтуғын қосымша дем алыс та бериледи.
Баланы қараў дем алыслары дәўиринде ҳаялдың жумыс орны (лаўазымы) сақланады. Бул дем алыслар мийнет стажына бирақ ҳәммесин жәмлегенде көби менен үш жыл, соның ишинде қәнигелиги бойынша ис стажына да қосылады.
12. Баланы аўқатландырыў ушын берилетуғын тәнепислер жумыс ўақтына киргизиледи
Еки жасқа толмаған баласы бар ҳаялларға, дем алыў ҳәм аўқатланыў ушын берилетуғын тәнепистен тысқары, баланы аўқатландырыў ушын қосымша танепислер де бериледи. Бул тәнепислер кеминде ҳәр үш саатта бир мәрте ҳәр бири отыз минуттан кем болмаған мүддет пенен бериледи. Еки жасқа толмаған еки ҳәм оннан артық баласы болған жағдайда, тәнепистиң мүддети кеминде бир саат етип белгиленеди.
Баланы аўқатландырыў ушын берилетуғын тәнепислер жумыс ўақтына киргизиледи ҳәм орташа айлық ис ҳақы есабы бойынша ҳақы төленеди.
Баласы бар ҳаялдың қәлеўине көре, баланы аўқатландырыў ушын берилетуғын тәнепислер дем алыў ҳәм аўқатланыў ушын белгиленген тәнеписке қосып берилиўи ямаса улыўмаластырылып, жумыс күниниң (жумыс сменасының) басына ямаса ақырына көширилип, жумыс күни (жумыс сменасы) соған жараса қысқартырылыўы мүмкин.
13. Ҳәмиледар ҳаяллар ҳәм үш жасқа толмаған баласы бар ҳаяллар менен дүзилген мийнет шәртнамасын жумыс бериўшиниң басламасы менен бийкар етиўге жол қойылмайды, кәрхананың пүткиллей сапластырылыў жағдайлары буннан тысқары, бундай жағдайларда мийнет шәртнамасы оларды әлбетте жумысқа жайластырыў шәрти менен бийкар етиледи. Усы ҳаялларды жумысқа жайластырыўды жергиликли мийнет органы оларды жумысқа жайластырыў дәўиринде нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тийисли социаллық төлемлер менен тәмийинлеген ҳалда әмелге асырады.
14. Мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа бюджет шөлкемлериниң хабар технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў ушын жуўапкер болған ҳәмиледар ҳаяллар, баланы еки ҳәм үш жасқа шекем қараў бойынша дем алыста болған ҳаяллар, олар жумысқа шыққаннан кейинги биринши жыл даўамында аттестациядан өткерилмейди.
15. Ҳаяллардың пенсия жасына толғанлығы ямаса жасқа байланыслы мәмлекетлик пенсиясын алыў ҳуқықы пайда болғанлығы себепли олар менен дүзилген белгисиз мүддетли мийнет шәртнамасын 60 жасқа толғанға шекем ямаса мүддетли мийнет шәртнамасын мүддети таўсылғанға шекем жумыс бериўшиниң басламасына тийкар бийкар етиў қадаған етиледи.
16. Тийисли ис стажына ийе болған ҳаяллар елиў төрт жасқа толғанда пенсияға шығыўы мүмкин.
17. Еркек ҳәм ҳаяллар ҳуқықлары теңлигиниң бузылыўы менен байланыслы жумыслардың судларда көрип шығылыўында ҳаялларға адвокатлар тәрепинен көрсетилетуғын юридикалық хызмет ушын ҳақы олардың қәлеўине көре мәмлекет есабынан қапланады.
18. Мәмлекетимизде Ҳаял-қызларды ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды шөлкемлестирилген болып, оның тийкарғы ўазыйпалары ҳаял-қызларды ҳәм шаңарақты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, соның ишинде аўыр социаллық жағдайға түсип қалган ҳаял-қызлар ҳәм шаңарақларға, майыплығы болған ҳаялларға материаллық жәрдем көрсетиў,мийнет базарында жоқары болған кәсиплер бойынша билим ҳәм көнликпелерди ийелеўде жәрдемлесиў есапланады.
19. Ҳаял-қызлар машқалаларын “Ҳаяллар дәптери”ин жүргизиў арқалы системалы түрде шешиў ҳәм оларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша арнаўлы тәртип жаратылған. Оған көре, Халық депутатлары район (қала) Кеңеси тәрепинен тастыйықланған дизимлер тийкарында “Ҳаяллар дәптери”ине киргизилген ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў қоры қаржылары есабынан базалық есаплаў муғдарының еки есесинен төрт есесине шекем болған муғдарда бир мәртелик материаллық жәрдем берилиўи мүмкин.
20. Нызамшылыққа муўапық, аўыр социаллық аўҳалға түсип қалған ҳаял-қызларға жеңилликли үй-жайлар бериледи. Бунда басланғыш төлем (10%) арнаўлы фонд ямаса талапкер ислеп атырған шөлкем тәрепинен төлеп бериледи.
Сондай-ақ, Нызамшылықта ҳаялларға айырым жазаларды қоллаў бойынша шеклеўлер бар.
Атап айтқанда, жынайый жаза сыпатында мәжбүрий жәмийетлик жумыслар ямаса мийнет пенен дүзетиў жумыслары ҳәмиледар ҳаялларға, үш жасқа толмаған балалары бар ҳаялларға қарата қолланылмайды.
Буннан тысқары, ҳәмиледар ҳәм үш жасқа толмаған балалары бар ҳаяллар абайсызлық ақыбетинде ямаса қастан онша аўыр болмаған жынаят ислесе оларға қарата еркинликтен айырыў тәризиндеги жаза тайынланбайды.
Ҳаялларға қарата узақ мүддетке (20 жылдан артық 25 жылдан көп болмаған) ямаса өмирлик еркинен айырыў жазасы тайынланыўы мүмкин емес.
Сондай-ақ, ҳәмиледар ҳаялдың жынаят ислеўи жазаны жеңиллестириўши жағдай сыпатында баҳаланады.
Насиба Кутлымуратова