Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

04

Балалар 14 жастан мәмлекетлик уйымларға мүрәжат етиўи мүмкин


Балалар 14 жастан мәмлекетлик уйымларға мүрәжат
етиўи  мүмкин
Балаларға, олардыӊ ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплери бузылған жағдайларда, тек ғана қәўендерлик яки әменгерлик уйымларына емес, ал басқа мәмлекетлик уйымларына да мүрәжат етиў ҳуқықы берилди. Олардыӊ мүрәжатларын 18 жасқа толмаған ҳәм толық қатнасық уқыплылығына ийе емес деген тийкар менен көрип шықпастан қалдырыўға жол қойылмайды (Өзбекстан Республикасыныӊ 2017-жыл 11-сентябрьде қабыл етилген 445-санлы Нызамыныӊ 24-1-ст).
Ер жетпегенлердиӊ мүрәжатларын көрип шығыўда олардыӊ нызамлы ўәкиллери, қәўендерлик яки әменгерлик уйымлары қатнасыўы мүмкин. Бунда баланыӊ пикири, оныӊ жасына қарамастан есапқа алынады, жуўмақлаўшы қарар болса оныӊ еӊ үстин мәплеринен келип шыққан ҳалда қабыл етилиўи керек.
Мүрәжатта қойылған мәселелерди шешиў өз ўәкиллигине кирмейтуғын мәмлекетлик уйымлары, шөлкемлер, сондай-ақ олардыӊ лаўазымлы шахслары оны тийисли мәмлекетлик уйымына, басқа шөлкемге яки лаўазымлы шахсқа ямаса қәўендерлик яки әменгерлик уйымына жибериўи шәрт.

Тахтакөпир районы әдиллик
бөлими бас мәсләҳәтшиси             Р.Курбанов