Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

05

Тәлим кредитин алыў тәртибин билесиз бе?


Тәлим кредитин алыў тәртибин билесиз бе?

Банклер тәрепинен жоқары оқыў мәкемелериниӊ күндизги бөлимлерине төлемли-контракт тийкарында қабыл етилген Өзбекстан Республикасы пуқарасы болған студентлердиң оқыўы ушын олардыӊ өзлерине, ата-аналары яки қәўендерлерине тәлим кредитлери берилиўи мүмкин (Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2001-жыл 26-июль күнги “Жоқары оқыў орынларында төлемли-контракт тийкарында оқыў ушын тәлим кредитлерин бериў ҳаққында”ғы 318-санлы Қарары).

Бунда тәлим кредитлери студентлери ушын бакалавриатқа оқыўға қабыл етилгенде 10 жылға ҳәм магистратураға оқыўға қабыл қылынғанда 5 жыл мүддетке бериледи.

Банклер тәрепинен берилген тәлим кредитлери бойынша:
шын жетимлер, “Меҳрибанлық үйлерин”де тәрбияланғанлар ҳәмде балалықтан I ҳәм II топар майыпларына – ноль пайыз ставкасы (пайызсыз кредит);
студентлердиң қалған тайыпаларына – Орайлық банктиӊ әмелдеги қайта финансластырыў ставкасынан жоқары болмаған пайыз ставкалары белгиленеди.
Тәлим кредити ушын банкке төмендеги ҳүжжетлер усынылады:
-арза;
- төлемли-контракт шәртнамасы (контракт);
- кредитти қайтарыўдыӊ тәмийинлениўи ҳаққында ҳүжжет;
- жеӊилликли тәлим кредитлерин алыў ҳуқықына ийе болған шын жетимлер, «Меҳрибанлық үйлерин»де тәрбияланғанлар, балалықтан I ҳәм II топар майыплары, кем тәмийинленген шаӊарақлардан шыққанлар тийисли тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди усынады.

Қарыз алыўшы жоқарыдағы ҳүжжетлерди банкке усыныў менен бир ўақытта шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетти көрсетеди. Банк шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетинен ҳәм усынылған басқа ҳүжжетлерден зәрүр көширмелер алыўға ҳақлы.

Р.Курбанов,
Тахтакөпир районы әдиллик
бөлими бас мәсләҳәтшиси