Янгиликлар
27
«Аудиторлық искерлик ҳаққында»ғы Нызам (677-сан, 26.02.2021-ж.) Президент тәрепинен қол қойылды
«Аудиторлық искерлик ҳаққында»ғы Нызам (677-сан, 26.02.2021-ж.) Президент тәрепинен қол қойылды
Нызамға көре, Финанс министрлиги аудиторлық искерлик тараўындағы ўәкилликли уйым есапланады.
Аудитор сыпатында маманлық сертификатына ийе болған шахслар искерлик жүргизиўи мүмкин.
Финанс министрлиги сайтында аудиторлық искерлигине байланыслы мағлыўматлар, аудиторлық искерликтиң стандартлары жайластырылыўы лазым.
Банклер ҳәм басқа кредит шөлкемлеринде аудиторлық тексериўи өткерилиўинде Орайлық банк жуўапкер уйым есапланады.
Аудиторлар жәмийетлик бирлеспелери олардың маманлық имтиханларын өткериўде ҳәм тест сынаўларын дүзиўде қатнасыў ҳуқықына ийе.
Аудиторлық искерлигине араласыўға жол қойылмайды.
Аудитор өзи ислейтуғын тек ғана бир мәкеме шөлкемлестириўшиси болыўы мүмкин.
Аудиторлық сертификаты Финанс министрлиги тәрепинен бериледи.
Сертификат алыў ушын талапкер жоқары маглыўматлы ҳәм ақырғы 10 жылдан 3 жыл бухгалтерия ҳәм аудит тараўында ямаса ЖООда ислеген болыўы керек.
Сертификат ушын арзалар 3 жумыс күнинде көрип шығылады ҳәмде маманлық имтиханын тапсырыў ямаса бас тартыў ҳаққында қарар қабыл етиледи.
Сондай-ақ, Нызам менен аудиторлық шөлкеминиң статусы да белгиленди.
Соның ишинде, аудиторлық шөлкеми өзи ҳаққындағы мағлыўматлар реестрге киргизилгенлигинен кейин искерлик жүргизиў ҳуқықына ийе.
Аудиторлық шөлкемлери аудиторлық тексериўлери ҳәм түрлес хызметлерди көрсетеди.
▫️Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап 3 ай өткеннен кейин күшке киреди.