Янгиликлар
01
2021-жыл 1-марттан нызамшылықта нелер өзгереди?
2021-жыл 1-марттан нызамшылықта нелер өзгереди?
Тәжирийбе ретинде, Аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар миллий орайы системасындағы илимий-изертлеў мәкемелеринде исбилерменлерди қамтыған ҳалда киши илимий-инновациялық кәрханалар шөлкемлестириўге руқсат бериледи.
2021-жыл 1-марттан нызамшылықта нелер өзгереди?
Зергерлик тараўында кең имканиятлар жаратыў ушын “Наўайы кән металлургия комбинаты” МК тәрепинен гүмисти биржа арқалы зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшыларға еркин сатыў тәртиби енгизиледи.
2021-жыл 1-марттан нызамшылықта нелер өзгереди?
Өзбекстан аймағына кирген күннен баслап 10 күнлик мүддетке өз ямаса үшинши мәмлекетке ушыў авиабилетин усынған Баҳрайн Патшалығы, Қатар мәмлекети, Қувайт мәмлекети, Уммон Патшалығы ҳәм Қытай Халық Республикасының Гонконг ҳәм Макао арнаўлы ҳәкимшилик аймақлары пуқаралары ушын визасыз режим белгиленди.
2021-жыл 1-марттан нызамшылықта нелер өзгереди?
Қатты турмыслық шығындыларды таңлап жыйнаў системасы төмендеги тәртипте енгизиледи:
1-басқышта (2021-жылда) – Ташкент қаласы ҳәкимлиги тәрепинен белгиленетуғын мәҳәлле пуқаралар жыйынлары аймағында шығындыларды “қайта исленетуғын” ҳәм “қайта исленбейтуғын” топарларға ажыратқан ҳалда жыйнаў;
2-басқышта (2020-жылда) – “Махсустранс” МУК тәрепинен хызмет көрсетилетуғын барлық аймақлардағы жеке тәртиптеги турақ-жай секторында қатты турмыслық шығындыларды “қайта исленетуғын” ҳәм “қайта исленбейтуғын” топарларға ажыратқан ҳалда жыйнаў;
3-басқышта (2023-жылдан баслап) – барлық районларда шығындыларды “қайта исленетуғын” “қайта исленбейтуғын”, “органикалық”, “қәўипли турмыслық шығындылар” ҳәм басқа топарларға ажыратқан ҳалда жыйнаў.
2021-жыл 1-марттан нызамшылықта нелер өзгереди?
2021-жыл 1-марттан еки қабаттан жоқары (цоколды есапқа алмаған ҳалда), бәлентлиги жер бетинен 12 метрден ҳәм (ямаса) улыўма майданы 500 квадрат метрден артық болған имаратларды қурыў ҳәмде реконструкция қылыў объекттиң жойбар ҳўжжетлери мәжбүрий экспертизадан өткерилген ҳәмде Қурылыс министрлиги жанындағы қурылыс тараўында аймақлық қадағалаў инспекциялары тәрепинен мәмлекетлик қурылыс қадағалаўы орнатылған ҳалда әмелге асырылады
2021-жыл 1-марттан нызамшылықта нелер өзгереди?
Орынлаў ҳүжжетлеринде мәжбүрий тәртипте қарыздар-физикалық шахстың жеке идентификация саны (Өзбекстан пуқарасы есапланбаған физикалық шахс бойынша – шахсын тастыйықлаўшы басқа ҳүжжетлердиң реквизитлери), сондай-ақ қарыздар-юридикалық шахстың салық төлеўши идентификация саны көрсетиледи (https://lex.uz/docs/5124086).
Электр, ыссылық энергиясы, газ, водопроводтан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў менен байланыслы жынаятларды анықлаў, сапластырыў ҳәм олардың алдын алыў ўазыйпасы – Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти ҳәм оның аймақлық бөлимлери тәрепинен әмелге асырылады.
Электр, ыссылық энергиясы, газдан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў менен байланыслы ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықларды анықлаў, сапластырыў ҳәм олардың алдын алыў ўазыйпасы – ишки ислер уйымлары тәрепинен әмелге асырылады.