Янгиликлар
01
Техникалық тәрептен тәртипке салыў тараўындағы норматив ҳүжжетлер системаластырылады
Техникалық тәрептен тәртипке салыў тараўындағы норматив ҳүжжетлер системаластырылады
“Техникалық тәрептен тәртипке салыў тараўындағы норматив ҳүжжетлерди системаластырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы Ҳүкимет қарары қабыл етилди
Қарар менен техникалық тәрептен тәртипке салыў тараўындағы норматив ҳүжжетлерди системаластырыўдың баслы бағдарлары белгиленди, сондай-ақ бул тараўдағы норматив ҳүжжетлерди системаластырыў бойынша Ведомстволараралық комиссия қурамы тастыйықланды.
Қарарға муўапық, Әдиллик министрлиги ҳәм Монополияға қарсы гүресиў комитетиниң Ведомстволар аралық комиссия жанында юридикалық шахс статусына ийе болмаған Жойбар офиси шөлкемлестириледи.
Жойбар офиси комиссияның исши органы ўазыйпасын атқарады ҳәмде оның баслығы ҳәм басқарыў хызметкерлери Комиссия баслығы тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәм лаўазымынан азат етиледи.
Жойбар офиси техникалық тәрептен тәртипке салыў тараўындағы норматив ҳүжжетлерди реформалаў бойынша алдын дүзилген исши топарлар искерлигин муўапықластырады, сондай-ақ бул бойынша коллегиал органлар жумысларын методикалық тәмийинлейди.
Соның менен бир қатарда, Жойбар офиси исбилерменлик искерлигине туўрыдан-туўры тәсир көрсететуғын техникалық тәрептен тәртипке салыў тараўындағы норматив ҳүжжетлерди бийкар етиў, оларға тийисли өзгерис киргизиў ямаса халықаралық норма ҳәм стандартларды имплементация етиў бойынша тийкарландырылған усынысларды Ведомстволараралық комиссияға көрип шығыў ушын киргизеди.
Ведомстволараралық комиссия, 2022-жыл 1-январьға шекем техникалық тәрептен тәртипке салыў тараўындағы норматив ҳүжжетлерди системаластырыў, соның ишинде оптималластырыў, халықаралық норма ҳәм стандартлар менен сәйкеслестириў, заманагөй талаплар тийкарында муўапықластырыў бойынша усыныслар ислеп шығады ҳәмде Министрлер Кабинетине киргизиўи белгиленди.