Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

28

Қоңырат районы Әдиллик бөлими тәрепинен 2020-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслары ҳаққында М А Ғ Л Ы Ў М А Т


Қоңырат районы Әдиллик бөлими тәрепинен 2020-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслары ҳаққында

М А Ғ Л Ы Ў М А Т

Бирден бир мәмлекетлик ҳуқықый сиясатты жүргизиў, норма дөретиўшилиги жумысларын муўапықластырыў, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары жумысларында ҳуқықты қоллаў әмелиятын изшил ҳәм бир түрде тәмийинлеў бойынша илажларды әмелге асырыў әдиллик уйымларының тийкарғы ўазыйпасы есапланады.
Бул бағдарда 2020-жыл даўамында Конырат районы әдиллик бөлими тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, Инсан ҳуқықларын қорғаў тараўында:
Болимге жәми 294 мүрәжат келип түсип, усы келип түскен мүрәжәәтлар бойынша 571 миллион 529 мын 807 сумлық материаллық зиянларын өндириў бойынша бөлим тәрепинен судларға 210 пуқараның мәпин гөзлеп даўа арза киритилип ҳуқықлары тикленди.
Бул келип түскен мүрәжәәтлардин 250 мүрәжәәти қанаатландырылды, 24 мүрәжәәтке ҳуқықый тусиниклер берилди, 18 мүрәжәәт көрип шыгыу ушын тийислилиги бойынша басқа органларға жиберилди.
Болимге келип түскен мүрәжатлар анализленгенде ең көп мүрәжатлар мийнет, үй-жай  ҳәмде жер ажыратыў мәселелерине байланыслы екенлиги анықланды.
Бөлим тәрепинен 41 мекеме ҳәм кәрханаларда үйрениўлер өткерилди. Өткерилген үйрениўлер нәтийжесинде 4913 нызамбузыўшылық ҳалатлары анықланды.
Үйрениў дәўиринде мекеме хәм кәрханаларға анықланған нызам бузыўшылық бойынша 57 усыныс киритилип, солардан 13 мекеме ҳәм кәрхана басшылары ҳəмде хызметкерлерине ҳәкимшилик жəрийма, 12 мекеме ҳәм кәрхана хызметкерлерине интизамий шаралар қолланылды, 36 мекеме ҳәм кәрханаларга ескертиўлер берилди.
Юридикалық хызметлердиң жумысларын муўапықластырыў тараўында:
Бүгинги күнде мәмлекетлик орган ҳәм шөлкемлердиӊ районлық системаларында 12 юридикалық хызмет штаты бар болып, соннан 1 штат бирлиги вакант (СЭНД).
Юрисконсультлар хаммеси Өзбекстан Республикасы Юристлер маманлығын асырыў орайында оқып, белгиленген тәртипте Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлгинен аттетациядан өткерилди ҳәм тийисли мәртебе дәрежелери берилди.
Ҳуқықый экспертиза тараўында:
Район әдиллик бөлими тәрепинен район ҳәкимлигиниң
8 қарар жойбарлары ҳуқықый экспертизадан өткерилип ғалаба хабар қураллары арқалы жәрияланды.
Районы ҳәкиминиң 2 қарары бөлим тәрепинкен ҳуқықый экспертизадан өткерилмегенлиги ушын усыныс берилип бийкар етилди.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық тараўында:
Пуқаралардың ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятын жоқарылатыўға байланыслы жумыслардың нәтийжелилигин еледе асырыў, пуқаралардың жәмийетлик-сиясий өзгерислер менен сәйкес түрде ҳуқықый билимлерин асырып барыўдың заманагөй усылларын енгизиў мақсетинде 2019-жылдың 9-январь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң 5618-санлы Пәрманы қабыл етилди.
Усы Пәрман менен “Жәмийетте ҳуқықый мәдениятты жоқарылатыў Концепция”сы тастыйықланды.
Бул салада әдиллик бөлими тәрепинен 1142 үгит-нәсият жумыслары алып барылды.
Соннан,  телевидение арқалы 32 марте, радиода 26,  газетада 4 , ВЕБ-сайт арқалы 739 мәрте шығыўлар әмелге асырылды. Аўызеки түрде-303,  жазба ҳәм көргизбели формада-38  үгит-нәсият иләжлары әмелге асырылды.
Бөлимге электрон түрде келип түскен 1523 норматив ҳуқықый ҳүжжетлери кәрхана мекеме шөлкемлерге жеткерилди.
Пуқаралардан келип түсип атырған мүрәжатлар, халқымыздың күнделикли турмысында ушырасатуғын мәселелер миграция, материаллық жәрдем, жер, үй-жай алыў, коммунал хожалық, жеңилликлер, алимент, жумысқа жайластырыў, билим алыў ҳәм басқалар бойынша үгит-нәсият жумыслары мәнзилли түрде алып барылды.
Усындай шәраятта пуқаралардың ҳуқықый мәсләҳәтке болған мүтәжлигин тәмийинлеў мақсетинде интернет тармаклардагы фейсбук, инстаграм хамде телеграмда Конырат районы адиллик болиминин каналлары ашылган болып бул каналлар аркалы пукараларга аралықтан турып пуқаралардың мүрәжатларына ҳуқықый түсиник ҳәм мәсләҳәтлар берип барылмақта.

Жамий Мамбедуллаев,
Қоңырат районы әдиллик бөлими баслығы