Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

25

Президент сайлаўы сәнесине өзгерис киритилди


Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2021-жыл 8-февральдағы «Сайлаў нызамшылығы жетилистирилиӯи мүнәсибети менен айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиӯ ҳаққында»ғы 670-санлы Нызамы қабыл етилген. Оған көре төмендегилерге:
Конституцияға;
«Референдум жуўмақлары ҳәмде мәмлекетлик ҳәкимияты шөлкемлестирилиўиниӊ тийкарғы принциплери ҳаққында»ғы Конституциялық нызамға;
«Сиясий партияларды финансластырыў ҳаққында»ғы Нызамға;
Сайлаў кодексине:
Бириншиден, Президент сайлаўы, Олий Мажлис Нызамшылық палатасына ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесине, ўәлаятлар, районлар, қалалар мәмлекетлик ҳәкимияты ӯәкилликли уйымларына сайлаў тийислинше олардыӊ конституциялық ўәкиллик мүддети тамамланатуғын жылда – октябрь айы (алдын – декабрь айы) үшинши он күнлигиниӊ биринши екшембисинде өткерилиўи белгиленди.
Екиншиден, сайлаўда сиясий партиялардыӊ қатнасыўын финансластырыў ушын ажыратылған қаржылар («Сиясий партияларды финансластырыў ҳаққында»ғы Нызамыныӊ 8-ст. 4-б.) төмендегилерге сарпланыўы лазым:
Үгит-нәсият алып барыўға;
талабанлардыӊ исенимли ўәкиллери ҳәм үгит-нәсият өткериў ушын тартылатуғын басқа белсендилер жумысларын шѳлкемлестириўге;
сайлаў кампаниясын өткериўге байланыслы улыўмапартиялық тәдбирлерге.
Сондай-ақ, енди сиясий партия сайлаўда қатнасыўды финансластырыў ушын өзине ажыратылған мәмлекетлик қаржылары жүзесинен аралық ҳәм жуўмақлаўшы есабатларды усыныўы лазым. Сиясий партиялардыӊ есабатлары оныӊ рәсмий веб-сайтларында ҳәм баспада жәрия етиледи.
Үшиншиден, Президент сайлаўын, Нызамшылык палатасы депутатлары, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы Кеӊеслери депутатлары сайлаўын өткериў бойынша сайлаў участкалары районлар ҳәм қалалар ҳәкимликлериниӊ усынысына кѳре округ сайлаў комиссиялары тәрепинен, район, қала Кеӊеслери депутатлары сайлаўын өткериў бойынша сайлаў участкалары болса район, қала сайлаў комиссиялары тәрепинен дүзиледи (Сайлаў кодексиниӊ 10-ст. 1-б.).
Усы кодекстиӊ 29-статьясы 1-бөлими төмендегише толтырылды: Сырт мәмлекетлерде турған пуқараларға сайлаўшылар дизиминдеги өзине тийисли мағлыўматлар менен танысыў имканияты Сыртқы ислер министрлиги, Өзбекстанныӊ сырт мәмлекетлердеги дипломатиялық ҳәм басқа ӯәкилликханаларының рәсмий веб-сайтлары арқалы ҳәм тәмийнленеди.
Сайлаўшылардыӊ дизимине сайлаўға шекем өзгерислер киритиў тоқтатылатуғын мүддет 3 күннен 5 күнге өзгертирилди (Сайлаў кодексиниӊ 29-ст. 5-б.).
Ҳүжжет «Халық сөзи» газетасында жәрия етилген.

Тахтакөпир районы әдиллик
бөлими бас мәсләҳәтшиси         
Р.Курбанов