Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

19

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен нәўбеттеги 1 жаңа мешит дизимнен өткизилди


Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен нәўбеттеги 1 жаңа мешит дизимнен өткизилди
Республикамызда пуқаралардың дин ҳәм исеним еркинликлерин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылған.
Диний шөлкемлерди мәмлекетлик дизимнен өткизиў “Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққында”ғы Нызамы, Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 31-майдағы 409-санлы қарары менен тастыйықланған Өзбекстан Республикасында диний шөлкемлерди мәмлекетлик дизимнен өткизиў, қайта дизимнен өткизиў ҳәм сапластырыў тәртиби ҳаққында Реже, диний шөлкемлерди мәмлекетлик дизимнен өткизиў ушын разылық бериў тәртиби ҳаққындағы Реже (дизим номери 3071, 2018-жыл 27-сентябрь) ҳәм басқа нызам ҳүжжетлери тийкарында әмелге асырылады.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен нәўбеттеги “Қарақум ийшан” жомеъ мешити мәмлекетлик дизимнен өткизилип, Қарақалпақстан Республикасындағы мешитлер саны 54 қурамақта.
“Қарақум ийшан” жомеъ мешити Мойнақ районы, “Қазақ-дәрья” АПЖ аймағында жайласқан.

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги