Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

17

8 дүкәны бузылған пуқара көп жерлерге мүрәжат етип әўере болды. Кейин…


8 дүкәны бузылған пуқара көп жерлерге мүрәжат етип әўере болды. Кейин…

Пуқара К.К.ның дүкәнлары Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен бузылған, бирақ  компенсация пуллары берилмеген. Пуқара компенсация пулларын өндирип бериўди сорап бир неше рет суд ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм басқа да жоқары турыўшы уйымларға мүрәжат еткен. Бирақ ҳар сапары оның мүрәжаты қанаатландырылмастан қалдырылған. Бул жағдайлар пуқара Нөкис қалалық әдиллик бөлимине мүражат еткенде мәлим болды.

Анықланыўынша, қала ҳәкимлигиниң 2016-жыл 13-августтағы тийисли қарарына тийкар К.К.ға тийисли болған 8 дүкән имаратын бузыў ҳәм басқа жерге көшириў ҳаққында қарар қабыл етилген.

Өзбекстан Республикасы Жер кодекси ҳәм сол ўақытта өз күшинде болған Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2006-жыл 29-майдағы 97-санлы қарары менен тастыйықланған “Мәмлекет ҳәм жәмийет мүтәжликлери ушын жер участкаларының алып қойылыўы мүнәсибети менен пуқараларға ҳәм юридикалық шахсларға жеткерилген зыянды қаплаў тәртиби ҳаққында”ғы Режеде мүлкдарға жеткерилген зыян орны толық қапланыўы көрсетилгенлигине қарамастан пуқара К.К.ның жер участкаларына болған ҳуқықының кепилликлери қопал түрде қала ҳәкимлиги тәрепинен бузылған.

Жоқарыдағы жағдайлардан келип шығып, әдиллик бөлими тәрепинен пуқара К.К.ның бузылған ҳуқықларын қорғаў мақсетинде пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлараралық судына даўа арза киргизилип, пуқара К.К.ға 395.744.032 (үш жүз тоқсан бес миллион жети жүз қырық төрт мың отыз еки) сум компенсация пулларын өндирип бериў ҳаққында суд қарары шығарылып, пуқараның бузылған ҳуқықлары тикленди.

Б.Нажимов,
Нөкис қалалық әдиллик бөлими аға мәсләҳәтшиси