Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

17

#Әдиллик_хабары


#Әдиллик_хабары

2021-жылда Жәмийетте ҳуқықый мәдениятты жоқарылатыў бойынша жылдың ең үлгили шөлкеми қайсы шөлкем болады?

Жәмийетте ҳуқықый мәдениятты жоқарылатыў бойынша илажлар шөлкемлестирилиўинде мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлери жумысларын хошаметлеп барыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги Жәмийетте ҳуқықый мәдениятты жоқарылатыў бойынша жылдың ең үлгили шөлкеми таңлаўын жәриялайды.

таңлаўда республика мәмлекетлик басқарыў уйымлары системасына кириўши министрликлер, мәмлекетлик комитетлер, комитетлер, агентликлердиң 2021-жыл даўамында әмелге асырған ҳуқықый мәдениятты жоқарылатыў бойынша илажлары төмендеги тийкарлар бойынша баҳаланады:

➖ Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 20-апрельдеги 342-санлы қарары орынланыўы бойынша шығарылған баҳалаў нәтийжеси;  

➖ жыл даўамында тараў искерлиги бойынша таярлап, тарқатылған ең жақсы үгит-нәсият материаллары (видеоролик, инфографика, слайд, буклет);

➖ шөлкемниң социаллық тармақлар ҳәм мессенжерлердеги топар ҳәм каналларда белсендилиги (тараўға байланыслы машқалалы жағдайлар бойынша оператив мүнәсибет).

Таңлаў нәтийжелери 2021-жыл жуўмағында улыўмаластырылады ҳәмде 2022-жылдың январь айында ҒХҚда ҳәм министрликтиң социаллық тармақлардағы бетлеринде жәрияланады.

Әдиллик министрлиги барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерди халықтың ҳуқықый сана ҳәм мәдениятын жоқарылатыў жумысларында белсене болыўға шақырып қалады.