Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

10

Сайлаӯлар октябрь айында өткериледи


“Сайлаӯ нызамшылығы жетилистирилиӯи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиӯ ҳаққында”ғы Нызам (670-сан, 08.02.2021-ж.) қабыл етилди.

Өзгериске көре, Президентликке сайлаӯ, Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасына,  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, ӯәлаятлар, районлар, қалалар мәмлекетлик ҳәкимияты ӯәкилликли уйымларына сайлаӯ тийислинше олардың конституциялық ӯәкиллик мүддети тамамланатуғын жылда – октябрь айы үшинши он күнлигиниң биринши екшембисинде өткерилиӯи белгиленди (алдын декабрь айында  еди).

Сондай-ақ, сайлаӯды өткериӯ бойынша сайлаӯ участкалары районлар ҳәм қалалар ҳәкимликлериниң усынысына тийкар округ сайлаӯ комиссиялары тәрепинен, район, қала Кеңеслери депутатлары сайлаӯын өткериӯ бойынша сайлаӯ участкалары болса район, қала сайлаӯ комиссиялары тәрепинен дүзиледи (алдын сайлаӯ участкалары район ҳәм қалалар ҳәкимликлери усынысына тийкар округ сайлаӯ комиссиялары тәрепинен дүзилген).  

Ендигиден былай, Халық депутатлары район, қала (буған халық депутатлары Ташкент қалалық Кеңеси кирмейди) Кеңесине сайлаӯ өткериӯ бойынша округ сайлаӯ комиссиялары дүзилмейди.

Сырт ел мәмлекетлеринде турған пуқараларды сайлаӯшылар дизимине киргизиӯ тәртиби белгиленди

Өзбекстанның сырт ел мәмлекетлердеги дипломатиялық ҳәм басқа ӯәкилханалары жанында дүзилген сайлаӯ участкаларында сайлаӯшылардың дизими усы мәкемелер баслықлары тәрепинен усынылған мағлыӯматлар тийкарында дүзиледи (https://t.me/huqiqiymalimleme/4427).

Дүзилген участка сайлаӯ комиссиялары сырт ел мәмлекетлеринде турған пуқараларды сайлаӯшылар дизими менен танысыӯ усылы, орны ҳәм ӯақты ҳаққында хабардар етеди.

Сырт ел мәмлекетлеринде турған пуқаралар өзлерин сайлаӯшылар дизимине киргизиӯ ҳаққында 15 күн алдын жазба формада Өзбекстанның дипломатиялық ҳәм басқа ӯәкилханалары жанында дүзилген участка сайлаӯ комиссияларына ямаса Сыртқы ислер министрлигиниң рәсмий веб-сайты арқалы электрон формада мүрәжат етиӯи мүмкин.

Өзбекстанның дипломатиялық ҳәм басқа ӯәкилханалары жанында дүзилген участка сайлаӯ комиссиялары:

➖ сырт ел мәмлекетлеринде турған пуқаралардың оларды сайлаӯшылар дизимине киргизиӯ ҳаққындағы мүрәжатында көрсетилген шахсқа байланыслы мағлыӯматларды тексереди ҳәм пуқараны сайлаӯшылар дизимине киргизиӯ ҳаққындағы мәселени шешеди;

➖ сайлаӯшылар дизимине киргизилген пуқаралар ҳаққындағы мағлыӯматларды Сыртқы ислер министрлигине усынады.

Сыртқы ислер министрлиги сайлаӯшылар дизимине киргизилген пуқаралар ҳаққындағы мағлыӯматларды Министрлер Кабинети  жанындағы Мәмлекетлик персоналластырыӯ орайына Сайлаӯшылардың биден бир электрон дизимине тийисли дүзетиӯлер киргизиӯ ушын усынады.

Өзбекстанның сырт ел мәмлекетлериндеги дипломатиялық ҳәм басқа ӯәкилханалары жанында дүзилген сайлаӯ участкаларында даӯыс бериӯ сайлаӯ күни усы сайлаӯ участкалары жайласқан жердеги жергиликли ӯақыт пенен саат 8.00 ден 20.00 ге шекем өткериледи.

▫️ Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.