Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

11

Бәрше мәмлекетлик шөлкемлеринде орынлаўды қадағалаў тек ғана “Ijro.gov.uz” системасында әмелге асырылады.


Пәрман (https://t.me/huquqiyaxborot/9124) менен Әдиллик министрлиги системасында Өзбекстан Республикасы Президенти ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалары орынланыўын қадағалаў басқармасы ҳәмде оның аймақлық бөлимлери шөлкемлестириледи.

2021-жыл 1-апрелден республика дәрежесиндеги бәрше мәмлекетлик уйымлары
ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўалаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң орынлаў интизамына жуўапкер бөлимшелери басшыларын лаўазымға тайынлаў ҳәм лаўазымнан азат етиў мәселелери мәжбүрий тәртипте Президент Администрациясының Орынлаў интизамын тәмийинлеў секторы менен келисиледи.

2021-жыл 1-майдан барлық мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлери ҳәмде жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларында орынлаўды қадағалаў, қадағалаў картотекаларын жүритиў ҳәм есабатларды қәлиплестириў тек ғана “Ijro.gov.uz” системасында әмелге асырылады, бунда басқа ҳәр қандай қадағалаў дәтүрлери, есабатлары ҳәм базаларын жүритиў әмелияты бийкар етиледи.

Нызам хүжжетлери ҳәм тапсырмлары орынланыўы бойынша жыллық мәнзилли ҳәм тематик таллаў үйрениўлер бағдарламасы Әдиллик министрлиги тәрепинен Есап палатасы ҳәмде басқа мәпдар министрлик ҳәм ведомстволар усыныслары тийкарында ислеп шығылады ҳәм Президент Администрациясы басшысы тәрепинен тастыйықланады.

Әдиллик министрлигине қосымша ўазыйпалар жүклетилди.

Пәрманға көре, шөлкемлестириў, орынлаў ҳәм қадағалаў искерлигиниң бирден-бир системасы енгизиледи.

Пәрман менен Нызамлар, Президент пәрманы, қарары, бийлик ҳәм тапсырмаларының әмелге асырылыўы бойынша қадағалаў ҳәм есап бериўин шөлкемлетириў тәртиби тастыйықланды.

Әдиллик министрлигине төмендеги қосымша ўазыйпалар жүклетилди:

● нызам ҳүжжетлери ҳәм тапсырмаларының өз ўақытында, толық ҳәм сапалы әмелге асырылыўын тәмийнлеў бойынша мәнзилли ҳәм тематикалық таллаў (анализ) үйрениўлерди алып барыў ҳәм орынлардағы жағдай мониторингин жүритиў;

● мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниң нызам ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалар орынланыўын тәмийинлеў бойынша искерлигин ҒХҚ ҳәм социаллық тармақларда «Президент қарарлары – турмыста ҳәм қадағалаўда» атамасында жарытыў ҳәм додалаў жумысларын шөлкемлестириў;

● нызам ҳүжжетлери ҳәм тапсырмаларының әмелде орынланыўына тосқынлық етип атырған машқалалар ҳәм факторларды анықлаў;

● мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлерине нызам ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалар орынланыўы бойынша ҳуқықый-методикалық көмеклесиў.