Янгиликлар
15
Ҳүкимет қарары (66-сан, 12.02.2021-ж.) менен Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агентлиги ҳәмде Кадастр агентлигиниң Мәмлекетлик кадастрлары палатасы ҳаққындағы режелер тастыйықланды.
Ҳүкимет қарары (66-сан, 12.02.2021-ж.) менен Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агентлиги ҳәмде Кадастр агентлигиниң Мәмлекетлик кадастрлары палатасы ҳаққындағы режелер тастыйықланды.
Режеге көре, Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агентлиги көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў, геодезия ҳәм картография ҳәмде мәмлекетлик кадастрларды жүргизиў тараўында бирден бир мәмлекетлик сиясат әмелге асырылыўын тәмийинлеўши ўәкилликли республика мәмлекетлик басқарыў уйымы есапланады ҳәм өз искерлигинде тиккелей Мәмлекетлик салық комитетине бойсынады.
Агентликке Президент тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымнан азат етилетуғын Мәмлекетлик салық комитети баслығының биринши орынбасары – Агентлик директоры басшылық етеди.
Агентлик искерлигиниң нәтийжелилиги турақлы түрде баҳаланып барылады.
Агентлик ҳәм оның аймақлық басқармалары хызметкерлериниң функционал ўазыйпаларды орынлаў, билим дәрежеси, жумыс алып барыў бойынша кәсиплик қәбилийетлерин тест сынағынан өткериў бойынша берилетуғын топарларға қарап лаўазым айлықларына 10 пайыздан 50 пайызға шекем муғдарда арнаўлы хошаметлеўши үстемелерди ҳәр жылы тест сынағынан өткериў тийкарында қоллаў тәртиби Агентлик тәрепинен тастыйықланады.
Агентлик басқарыў хызметкерлери ушын алдынғы жумыс орнында берилген узақ мүддет үзликсиз хызмети, әскерий ҳәм арнаўлы атақлар (мәртебе дәрежелери, маманлық дәрежелери, дипломатиялық дәрежелер ҳәм басқалар) ушын қосымша төлем ҳәм үстемелер сақлап қалынады.
Сондай-ақ қарар (https://t.me/huqiqiymalimleme/4436) менен тастыйықланған режеге көре, Мәмлекетлик кадастрлары палатасы Кадастр агентлигиниң қурамлық бөлими есапланады ҳәм оның системасына киреди.
Мәмлекетлик кадастрлары палатасы, атап айтқанда, көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткереди ҳәмде көшпес мүлк объектлерине болған ҳуқықлардың мәмлекетлик реестрин жүргизеди.
Мәмлекетлик кадастрлары палатасына Кадастр агентлиги директоры усынысына тийкар Мәмлекетлик салық комитети тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын баслық басшылық етеди.
Қарарға көре, Кадастр агентлиги хызметкерлериниң лаўазым айлығын белгилеўде тариф коэффициенти 1,7 есеге асырылған ҳалда қолланылады.