Янгиликлар
11
Нызамшылықтағы_жаңалықлар
Нызам ҳүжжетлери орынланыўын қадағалаўдың жаңа системасы енгизиледи.
«Нызам ҳүжжетлери орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўде мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары басшыларының жеке жуўапкершилигин күшейттириўге байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы Президент Пәрманы қабыл етилди.
Пәрманға көре, «Ijro.gov.uz» системасы арқалы нызам ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалар орынланыўын қадағалаўдың жаңа системасы енгизиледи.
Оған көре, Әдиллик министрлиги:
- нызам ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалар өз ўақытында орынланыўының «Ijro.gov.uz» системасында қадағалаўын алып барады ҳәм «Ijro.gov.uz» системасын жүритеди;
- системада қадағалаўға алынатуғын тапсырмаларды киритеди, усы тапсырмалардан келип шыққан ҳалда жуўапкер орынлаўшылар ҳәм орынлаў мүддетлерин белгилейди, олар тәрепинен киргизилген мағлыўматлар толықлығы ҳәм ҳақыйқыйлығын тексереди, сондай-ақ нызам ҳүжжетлери ҳәм тапсырмаларда белгиленген орынлаў мүддетлерин узайттырыў ҳаққындағы усыныслар тийкарланғанлығын үйренеди;
- нызам ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалар орынлаў ҳалаты ҳаққындағы мағлыўматты ҳәр айда Президент Администрациясы ҳәм Ҳүкиметке киргизип барады.
Системаға зәрүр мағлыўматларды өз ўақытында киргизбеў ямаса надурыс мағлыўматларды киргизиў, бул бойынша Әдиллик министрлиги көрсетпелерин өз ўақытында ямаса лазым дәрежеде орынламаў интизамый, ҳәкимшилик ҳәм басқа жуўапкершилик шараларын қоллаў ушын тийкар болады.
Пәрманға көре:
- Министрлер Кабинети нызам ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалар жуўапкер орынлаўшылар тәрепинен өз ўақытында орынланыўының «Ijro.gov.uz» системасында қадағалаўды алып барады;
- Есап палатасы системасында жуўапкер орынлаўшылар тәрепинен киргизилип, Әдиллик министрлиги ҳәм Ҳүкимет тәрепинен тексерилген мағлыўматлар толықлығы ҳәм ҳақыйқыйлығын тексереди ҳәмде оларды қадағалаўдан алады;
- Президент Администрациясы нызам ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалар орынланыўын қадағалаўшы шөлкемлер искерлигин муўапықластырады.
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги