Янгиликлар
30
Нөкис районы əдиллик бөлими тәрепинен 2020-жыл даўамында исленген жумыслары ҳаққында
Нөкис районы әдиллик бөлими тәрепинен 2020-жыл даўамында физикалық ҳәм юридикалық шахслардан 139 арза ҳәм шағымлар келип тусип, соннан 88 мүрәжат, яғный 67% қанаатландырылды, 49 мүрәжатқа ҳуқуқый түсиник берилди, 2 тийислилиги бойынша мəмлекетлик уйымларға шешиў ушын жиберилди.
Мониторинг, үйрениўлер нəтийжелерине ҳəмде пуқаралардың мүрəжатларына тийкар хызметкерлерге өз ўақтында төленбей киятырған ис ҳақыларын өндириў бойынша Пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлараралық судына пуқаралардыӊ мәпин гөзлеп 99 млн.сӯмлық
17 даўа арзалар киргизилип, пуқаралардың ҳуқықлары тикленди.
Нызамлардың дурыс орынланыўы бойынша 16 үйрениўлер өткерилип, 1.375 нызам бузыўшылық жағдайлары анықланды. Нызамбузыўшылыққа жол қойған 7 шахс ҳәкимшилик ҳәм 2 шахс интизамий жуўапкершиликке тартылды.
Үйрениўлер нәтийжесинде 2020-жылда мәкеме ҳәм шөлкемлерге жәми 50 усыныслар, 82 ескертиўлер, 6 ҳəкимшилик жуўапкершиликке тартыў бойынша киргизилип, бул усынысларға тийкар 99 млн сум пул қаржылары төлеп берилди.
Юридик хызметлерди муўапықластырыў жөнелисинде район аймағындағы район ҳəкимлиги ҳəмде 8 мəмлекетлик уйымларда юридик хызметлер шөлкемлестирилген болып, 8инде жоқары юридик мағлыўматқа ийе хызметкерлер ислемекте. Район аймағында бир юридик хызмет штат бирлиги вакант.Ислеп атырған юридик хызмет хызметкерлериниң бәршеси аттестациядан өткерилген ҳəмде ҳəммеси маманлығын асырған.
Бөлимниң районлар (қалалар) ҳəкимлери ҳəмде халық депутатлары Кеңеслериниң қарарларын нызам ҳүжжетлерине, мəмлекетимизде əмелге асырылып атырған реформалардың мақсет ҳəмде ўазыйпаларына муўапықлығы көз қарасынан ҳуқықый экспертизадан өткериў ўазыйпасына муўапық Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң 2 норматив түстеги қарар жойбары ҳәм район ҳакимниң 3 норматив түстеги қарар жойбары ҳуқықый экпертизадан өткерилип жуўмақлар берилди
Жəмийетде ҳуқықый сана сезим ҳəмде ҳуқықый мəдениятты артыррыў ҳəмде халықтың ҳуқықый саўатханлыгын асырыў мақсетинде брифинг материаллары ҳəмде жаңадан қабыл етилип атырған нызам ҳүжжетлерине тийкар мəхəлле, билимлендириў мекемелери ҳəмде мийнет жəмәәтлеринде 343 аўызеки, 168 үйме-ўй, 47 көргизбели, 17 телевидение, 11 радио, 6 газета, 233 мәрте веб-сайтларда ҳүкықый үгит насият илажлары алып барылды ҳəмде даўам етпекте.
Сондай-ақ, бөлим тәрепинен 2020-жылдың 20-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша суды, Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша суды, Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик суды, Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық суды, “МАДАД” мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем ортасында Қарақалпақстан Республикасында жынаятшылықтың өсип кетиўин алдын алыў, жынаятшылық профилактикасын жәнеде жетилистириў, әдил судлаўды тәмийнлеў ҳәм коррупциясыз аймаққа айландырыў бойынша имзаланған “Биргеликте ислесиў” меморандумның орынланыўын тәмийнлеў мақсетинде Нөкис районы Жынаят ислери бойынша судында пуқаралар қабыл етилип оларға бийпул ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди.
Райондағы 42 мекеме ҳəмде шөлкемлерге 1261 ден артық жаңадан қабыл етилип атырған нызамшылық ҳүжжетлери электрон бирге ислесиў арқалы жеткерип берилди.Райондағы бир қатар мекеме ҳəмде шөлкемлерде хызметкерлер ушын нызамшылық ҳүжжетлери бойынша мəслəҳат курслары өткерилди. Пуқаралардың ҳуқықый сана сезими ҳəмде ҳуқықый мəденият дəрежесин анықлаў бойынша 500 ден артық сораўнамалар өткерилди.
Мийнет нызамшылығы талапларына әмел етилиўи бойынша 550 ден артық аноним сораўнамалар өткерилди.
Бөлим хызметкерлери тəрепинен турақлы түрде нызам ҳүжжетлерин жəнеде жетилистириў бойынша усыныслар берип келинбекте.
Нөкис районы әдиллик
бөлими баслығы
М.Сейтимбетов