Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

28

Есабат


Бирден бир мәмлекетлик ҳуқықый сиясатты жүргизиў, норма дөретиўшилиги жумысларын муўапықластырыў, мәмлекетлик
ҳәм хожалық басқарыў, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары жумысларында ҳуқықты қоллаў әмелиятын изшил
ҳәм бир түрде тәмийинлеў бойынша илажларды әмелге асырыў әдиллик уйымларының тийкарғы ўазыйпаларынан бири болып есапланады.
Бул бағдарда 2020-жылда қала әдиллик бөлими тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылды.
Атап айтқанда:
Бөлимге жәми 334 мүрәжатлар келип түсип, судларға 689 млн сумлық 74 даўа арзалар киргизилип, пуқаралардың ҳуқықлары тикленди.
Әдиллик бөлимине келип түскен мүрәжатлар анализленгенде ең көп мүрәжатлар мийнет, үй-жай, социаллық қорғаў ҳәмде жер ажыратыў мәселелерине байланыслы екенлиги анықланды.
Қала әдиллик бөлимлери тәрепинен усы жылдың 26-октябрь ҳәм 25-ноябрь күнлери аралығында шөлкемлерде хызметкерлердиң мийнет ҳуқықларына әмел етилиўи бойынша 704 мыңға жақын сораўнама өткерилди. Сораўнамаларды өткериў даўамында ислеўши хызметкерлерден мүрәжат қабыл етилди.
Бул мүрәжатларды көрип шығыў нәтийжелери бойынша ҳәм тийисли шөлкемлерде өткерилген мониторингларда анықланған нызамбузыўшылық сапластырыў бойынша тийисли шөлкемлерге жәми 118 ескертиў, 51 усыныс, судларға 74 даўа арза ҳәмде лаўазымлы шахсларды ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў бойынша 12 ҳәкимшилик усыныслар киргизилди.
Соның менен бир қатарда, бөлим тәрепинен шөлкемлестирилген қабыллаўларда 294 мүрәжатлар тийисли тәртипте көрип шығылып, унамлы шешимлерин тапты.
Бүгинги күнде мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлерде 22 юрисконсульт бар болып, олардан жыл басынан 11 Әдиллик министрлигинен аттестациядан өткизилген, 2020-жылда 4 талабан сәўбеттен өткерилип лаўазымға тайынланған. Сондай-ақ, олардың тәжирийбесин арттырыў мақсетинде 16 юрисконсульт Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Юристлер маманлығын асырыў орайында аралықтан оқыўда оқып маманлығын асырды, 15 юрисконсультқа Өзбекстан Республикасы әдиллик министри буйрығы менен арнаўлы мәртебе дәрежелери берилген.  
Қала әдиллик бөлими тәрепинен жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларының 5 қарар жойбарлары ҳуқықый экспертизадан өткерилип мәмлекетлик есапқа алыныўы тәмийинленген.
Белгиленген талапларға әмел етпей усынылған 1 қарар жойбарлары ҳуқықый экспертизадан өткерилмей қайтарылды.
Пуқаралардың ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятын жоқарылатыўға байланыслы жумыслардың нәтийжелилигин еледе асырыў, пуқаралардың жәмийетлик-сиясий өзгерислер менен сәйкес түрде ҳуқықый билимлерин асырып барыўдың заманагөй усылларын енгизиў мақсетинде 2019-жылдың 9-январь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң 5618-санлы Пәрманы қабыл етилди.
Усы Пәрман менен «Жәмийетте ҳуқықый мәдениятты жоқарылатыў Концепция»сы тастыйықланды.
Әдиллик бөлими тәрепинен 1476 үгит-нәсият жумыслары алып барылды.
Ҳуқықый үгит-нәсият илажлары пуқаралардан келип түсип атырған мүрәжатларын терең таллаў арқалы халқымыздың күнделикли турмысында ушырасатуғын мәселелер, яғный миграция, материаллық жәрдем, жер, үй-жай алыў, коммунал хожалық, жеңилликлер, алимент, жумысқа жайластырыў, билим алыў ҳәм басқалар бойынша үгит-нәсият жумыслары мәнзилли түрде алып барылды.
Атап айтқанда, «Бийпул ҳуқықый мәсләҳәт пенен ҳәр бир үйге» ураны астында жаңа ҳуқықый мәсләҳәт бериў системасын шөлкемлестириў арқалы халықтын ҳуқықый саўатсызлығын жоқ етиў мақсетинде министрлик ҳәм район (қала) әдиллик бөлимлери хызметкерлеринен ибарат исши топарлар дүзилген ҳәм исши топарлар тәрепинен усы жылдың октябрь-ноябрь айлары даўамында жәми 24 аўыл пуқаралар жыйын (МПЖ)ларында үйме-үй жүрип пуқараларға ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди.
Үйме-үй жүриў даўамында жәми 21 мүрәжат қабыл етилди.
Халқымызға бийпул юридикалық жәрдем көрсетиў системасын жетилистириў мақсетинде, “Мадад” мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми ҳәм оның аймақлық бюролары шөлкемлестирилди.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Жынаят ислери бойынша суды, Пуқаралық ислери бойынша суды, Ҳәкимшилик суды, Экономикалық суды ҳәм «Мадад» мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкеми ортасында ноябрь-декабрь айларында «Қарақалпақстан Республикасында жынаятларды болдырмаў, жынаятшылық профилактикасын еледе жетилистириў, әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупциясыз аймаққа айландырыў бойынша Бирге ислесиў Меморандумы» имзаланды. Имзаланған меморандумға тийкар, бөлимимиз тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы район (қала) судлары имаратларындағы «Халыққа бийпул ҳуқықый жәрдем» ханаларында 42 физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары тыңланып ҳуқықый жәрдемлер көрсетилди.
Бүгинги пандемия шәраяты ҳәммемиз сынаўлы дәўир болмақта. Жаңа тәртиплер, нызам-қағыйдалар өзгеше турмыс тәризин пайда етти.
Нызамлардың дурыс орынланыўы бойынша 17 мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлерде үйрениўлер өткерилип, 8702 аслам нызам бузыўшылық жағдайлары анықланды.
Усыныс нәтийжелерине көре, мәмлекетлик уйымлардың 2 қарарлары бийкар етилип, пуқараардың 1 млрд. 100 млн. сум муғдарындағы пул қаржылары қайтарылған.
Үйрениўлер даўамында анықланған нызамбузылыўшылық жағдайларын сапластырыў мақсетинде, тәсир шараларын қоллаў менен шекленбестен, әмелдеги нызам-ҳүжжетлерин жетилистириў бойынша 2020-жыл даўамында жәми 23 усыныслар берилди.

Нөкис қаласы әдиллик бөлими баслығы
А.Атажанов