Янгиликлар
29
Есабат
Бирден бир мәмлекетлик ҳуқықый сиясатты жүргизиў, норма дөретиўшилиги жумысларын муўапықластырыў, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары жумысларында ҳуқықты қоллаў әмелиятын изшил ҳәм бир түрде тәмийинлеў бойынша илажларды әмелге асырыў әдиллик уйымларының тийкарғы ўазыйпаларынан бири болып есапланады.
Бул бағдарда 2020-жылда Мойнақ районы әдиллик бөлими тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, Инсан ҳуқықларын қорғаў тараўында:
Бѳлимге Жәми 107 мүрәжат (60 арза, 47 шағым) келип түсип, бул мүрәжатлар толық үйренип шығылды. Нәтийжеде, бир неше пуқаралардың ҳуқықлары бузылғанлығы анықланып, олардың бузылған ҳуқықлары тикленди ҳәмде анықланған нызамбузыўшылық жағдайларын сапластырыў бойынша 10 мекеме ҳәм шѳлкемлерге усыныс киритилди. Кѳрилген тәсир шаралары нәтийжесинде 2 айыпкер хызметкер интизамий жуўапкершиликке, 2 лаўазыслы шахс болса, ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылды. Судларға 140,7 млн сумлық арзалар киргизилип, пуқаралардың ҳуқықлары тикленди.
Келип түскен мүрәжатлардың 73 (68%) қанаатландырылды, 16 (14%) мүрәжат бойынша ҳуқықый түсиниклер берилди, қалған 18 (16%) мүрәжат тийислилиги бойынша басқа мәкеме ҳәм шѳлкемлерге жиберилди.
Бул мүрәжатлар анализленгенде ең көп мүрәжатлар мийнет ҳәм социаллық қорғаў мәселелерине байланыслы екенлиги анықланды.
Бѳлим тәрепинен усы жылдың 26-октябрь ҳәм 25-ноябрь күнлери аралығында мәкеме ҳәм шөлкемлерде ислеўши хызметкерлердиң мийнет ҳуқықларына әмел етилиўи бойынша 450 ге жақын сораўнама өткерилди. Сораўнамаларды өткериў даўамында ҳәм тийисли шөлкемлерде өткерилген мониторингларда анықланған нызамбузыўшылық сапластырыў бойынша тийисли шөлкемлерге жәми 2 ескертиў, 2 усыныс киргизилди.
Юридикалық хызметлердиң жумысларын муўапықластырыў тараўында:
Бүгинги күнде районымыздағы мәмлекетлик мәкеме ҳәм шөлкемлерде 10 юрисконсульт бар болып, олардан жыл басынан 3 юрисконсульт Әдиллик министрлигинен аттестациядан өткизилген, 2020-жылда 3 талабан сәўбеттен өткерилип лаўазымға тайынланды. Сондай-ақ, олардың тәжирийбесин арттырыў мақсетинде 2 юрисконсульт Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Юристлер маманлығын асырыў орайында аралықтан оқыўда оқып маманлығын асырды, 2 юрисконсультқа Өзбекстан Республикасы әдиллик министри буйрығы менен арнаўлы мәртебе дәрежелери берилди.
Ҳуқықый экспертиза тараўында:
Мойнақ районы әдиллик бѳлими тәрепинен Мойнақ районы ҳәкиминиң ҳәм районлық халық депутатлары Кенесиниң 10 қарар жойбарлары ҳуқықый экспертизадан өткерилип мәмлекетлик есапқа алыныўы тәмийинленди.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық тараўында:
Пуқаралардың ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятын жоқарылатыўға байланыслы жумыслардың нәтийжелилигин еледе асырыў, пуқаралардың жәмийетлик-сиясий өзгерислер менен сәйкес түрде ҳуқықый билимлерин асырып барыўдың заманагөй усылларын енгизиў мақсетинде 2019-жылдың 9-январь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң 5618-санлы Пәрманы қабыл етилди.
Усы Пәрман менен «Жәмийетте ҳуқықый мәдениятты жоқарылатыў Концепция»сы тастыйықланды.
Ҳуқықый үгит-нәсият илажлары пуқаралардан келип түсип атырған мүрәжатларын терең таллаў арқалы халқымыздың күнделикли турмысында ушырасатуғын мәселелер, яғный миграция, материаллық жәрдем, жер, үй-жай алыў, коммунал хожалық, жеңилликлер, жумысқа жайластырыў, билим алыў ҳәм басқалар бойынша үгит-нәсият жумыслары мәнзилли түрде алып барылды.
Атап айтқанда, «Бийпул ҳуқықый мәсләҳәт пенен ҳәр бир үйге» ураны астында жаңа ҳуқықый мәсләҳәт бериў системасын шөлкемлестириў арқалы халықтын ҳуқықый саўатсызлығын жоқ етиў мақсетинде министрлик ҳәм районлық әдиллик бөлими хызметкерлеринен ибарат исши топарлар дүзилди ҳәм исши топарлар тәрепинен усы жылдың октябрь-ноябрь айлары даўамында пуқараларға ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Жынаят ислери бойынша суды, Пуқаралық ислери бойынша суды, Ҳәкимшилик суды, Экономикалық суды ҳәм «Мадад» мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкеми ортасында «Қарақалпақстан Республикасында жынаятларды болдырмаў, жынаятшылық профилактикасын еледе жетилистириў, әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупциясыз аймаққа айландырыў бойынша Бирге ислесиў Меморандумы» имзаланып, бүгинги күнде районлық әдиллик бөлими ҳәм «Мадад» мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкеми Мойнақ районы мәсләҳәт бюросы тәрепинен Жынаят ислер бойынша Мойнақ районы суды ҳәм Мойнақ районы Ҳакимшилик суды имаратларындағы «Халыққа бийпул ҳуқықый жәрдем» ханаларында физикалық ҳәм юридикалық шахсларға ҳуқықый жәрдемлер көрсетилди.
Халыққа еледе қолайлық жаратыў мақсетинде, ҳуқықый үгит-нәсият жумыслары Мойнақ районы әдиллик бѳлиминиң бәрше рәсмий социаллық тармақлардағы каналларында турақлы рәўиште алып барылмақта.
Мойнақ районы әдиллик бѳлими баслығы: А.Дастенов