Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

28

Есабат


Қанлыкөл районы əдиллик бөлими тәрепинен  2020-жыл даўамында  исленген жумыслары ҳаққында
    
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018 жыл 13 апрелдеги “Мəмлекетлик ҳуқықый сиясатты əмелге асырыўда əдиллик уйымлары ҳəмде мәкемелери жумысларын түп тийкарынан жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПП-5415-санлы Пəрманы менен район(қала) əдиллик бөлимлери шөлкемлестирилди.
Əдиллик бөлимлериниң тийкарғы ўазыйпалары: ҳəкимлерге ҳəмде мəмлекетлик уйымлары ҳамде шөлкемлериниң  районлар(қалалар) бөлимлерине нызамлар ҳəм басқа норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди қоллаў мəселелери бойынша мəслəҳәтлер бериў, мəмлекетлик уйымлары ҳамде шөлкемлериниң район(қала) бөлимлериниң  нызамлар ҳəм басқа норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер орынланыўын шөлкемлестириў бойынша искерлигине методикалық басшылық қылыў ҳəмде муўапықластырыў, қабыл етилип атырған нызамлар ҳəмде баска норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң мазмун-мəнисин ҳəм əҳмийетин районлар бөлимлериндеги орынлаўшыларға жеткериў, «республика— ўəлаят — район — мəҳалле» принципи бойынша ҳүкықый үгит насият ҳəмде халықтың ҳуқықый саўатсызлығына шек қойыў бойынша, сол қатарда  ҳуқықты қорғаў ҳəмде суд уйымлары менен биргеликте ис-илажларды əмелге асырыў, районлар (қалалар) ҳəкимлери ҳəмде халық депутатлары Кеңеслериниң қарарларын нызам ҳүжжетлерине, мəмлекетимизде əмелге асырылып атырған реформалардың мақсет ҳəмде ўазыйпаларына муўапықлығы көз қарасынан ҳуқықый экспертизадан өткериў, ҳуқықты қоллаў əмелиятын үйрениў ҳəмде анализлеў, оның турақлылығы ҳəмде бир қыйлылығын тамийинлеў бойынша усынысларды ислеп шығыў, инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша ис-илажларды əмелге асырыў, өз ўəкилликлери  шеңберинде физикалық ҳəм юридикалық шахслардың мүрəжатларын көрип шығыў, мəмлекетлик уйымлар ҳəмде шөлкемлериниң район(қала) бөлимлеринде ҳуқықый ислердиң жағдайын мониторинг етиў, сондайақ, олардың юридикалық хызметлери искерлигин муўапықластырыў, қадағалаў ҳəм методикалық тəмийинлеў белгиленген.
Қанлыкөл районы əдиллик бөлими тəрепинен 2020-жыл даўамында төмендеги жумыслар əмелге асырылды.
Бөлим тəрепинен физикалық ҳəмде юридикалық шахслардың машқалаларын орынларда шешиў ҳəмде нызам ҳужжетлерине тийкар ҳуқықый түсиниклер бериў мəксетинде көшпели қабыллаўлар өткериў белгиленген болып, ҳуқыкты қорғаў уйымлары ҳəмде басқада тийисли уйымлар ҳəм шөлкемлер менен биргеликте район аймағында жайласқан АПЖ, ППЖ ҳəм МПЖларда көшпели қабыллаўлар өткерилди.
Кошпели қабыллаўларда пуқараларды қызықтырған маселелер бойынша ҳуқықый түсиник жумыслары ҳəмде нызам ҳүжжетлери бойынша ҳүқықый үгит нəсият жумыслары алып барылып, пуқаралардың мүрəжатлары қабылланды ҳəмде шешилди.
Бөлимге көшпели қабыллаўлар ҳəмде тиккелей физикалық шахслардан түрли мəселелер бойынша 146 мүрəжатлар келип түсип, соннан 112 мүрəжат яғный 77 пайызы қанаатландырылды, 32 мүрəжатқа ҳуқықый тусиник берилди, 2 тийислилиги бойынша  мəмлекетлик уйымларға шешиў ушын жиберилди.
Мониторинг, үйрениўлер нəтийжелерине ҳəмде пуқаралардың мүрəжатларына тийкар хызметкерлерге төленбей киятырған ис ҳақыларын өндириў бойынша Пуқаралық ислери бойынша  Қоңырат районлараралық судларына 62 арза киритилип жəми  208 млн 579 мың  (еки жүз сегиз миллион бес жүз жетпис тоғыз мың) сум муғдарында ис ҳақыларын өндириў бойынша суд буйрығы шығарылды.
Сондай-ақ, пуқаралардың мүрәжатларына ҳәмде өткерилген мониторинглер ҳәм бөлим тәрепинен киритилген усыныслар нәтийжесинде пуқараларға төленбей қалған 1 млрд 37 млн 470 мың 427 (бир миллиард отыз жети миллион төрт жүз жетпис мың төрт жүз жигирма жети) сум ис ҳақылары төлеп берилди.
Бөлим тəрепинен мəмлекетлик уйымлар ҳəм шөлкемлерде Нызам ҳүжжетлерине бойсынылыўы ҳəмде ҳуқықты қоллаў əмелияты бойынша 28 мекеме ҳәм шөлкемлерде 29 үйрениўлер ҳəмде 25 мониторинглер өткерилип үйрениўлерде 4111 нызамбузыўшылық ҳалатлары анықланды.
Бөлим тəрепинен өткерилген үйрениўлер, мониторинглер, пуқаралардың мүрəжаатлары жүзесинен, тапсырма хатлар ҳəм буйрықлар орынланыўын тамийнлеў жүзесинен мəмлекетлик уйымлар ҳəм шөлкемлерге 50 усыныслар, 243 ескертиўлер, 10 ҳəкимшилик жуўапкершиликке тартыў бойынша усыныслар берилип, усыныслар нəтийжесине көре 9 хызметкер ҳəкимшилик жуўапкершиликке тартылды, 2 хызметкер интизамый жуўапкершиликке тартылды.
Юридик хызметлерди муўапықластырыў жөнелисинде район аймағындағы район ҳəкимлиги ҳəмде 8 мəмлекетлик уйымларда юридик хызметлер шөлкемлестирилген болып, 8инде жоқары  юридик мағлыўматқа ийе хызметкерлер ислемекте. Район аймағында бир юридик хызмет штат бирлиги вакант.
Ислеп атырған юридик хызмет хызметкерлериниң бәршеси аттестациядан өткерилген ҳəмде ҳəммеси маманлығын асырған.
Бөлимниң  районлар (қалалар) ҳəкимлери ҳəмде халық депутатлары Кеңеслериниң қарарларын нызам ҳүжжетлерине, мəмлекетимизде əмелге асырылып атырған реформалардың мақсет ҳəмде ўазыйпаларына муўапықлығы көз қарасынан ҳуқықый экспертизадан өткериў ўазыйпасына муўапық Халық депутатлары Қанлыкөл районлық Кеңесиниң 2 норматив түстеги қарар жойбары ҳәм район ҳакимниң 5 норматив түстеги қарар жойбары  ҳуқықый экпертизадан өткерилип жуўмақлар берилди.
Жəмийетде ҳуқықый сана сезим ҳəмде ҳуқықый мəдениятты артыррыў ҳəмде халықтың ҳуқықый саўатханлыгын асырыў мақсетинде брифинг материаллары ҳəмде жаңадан қабыл етилип атырған нызам ҳүжжетлерине тийкар мəхəлле, билимлендириў мекемелери ҳəмде мийнет жəмәәтлеринде 91 аўызеки, 157 үйме-ўй, 32 көргизбели, 25 телевидение, 37 радио, 9 газета, 871 мәрте веб-сайтларда ҳүкықый үгит насият илажлары алып барылды ҳəмде даўам етпекте.
Райондағы 43 мекеме ҳəмде шөлкемлерге 1400 ден артық жаңадан қабыл етилип атырған нызамшылық ҳүжжетлери электрон бирге ислесиў арқалы жеткерип берилди.
Райондағы бир қатар мекеме ҳəмде шөлкемлерде хызметкерлер ушын нызамшылық ҳүжжетлери бойынша мəслəҳат курслары өткерилди.
Пуқаралардың ҳуқықый сана сезими ҳəмде ҳуқықый мəденият дəрежесин анықлаў бойынша 400 ден  артық сораўнамалар өткерилди.
Мийнет нызамшылығы талапларына әмел етилиўи бойынша 500 ден артық аноним сораўнамалар өткерилди.
Бөлим тəрепинен турақлы түрде  нызам ҳүжжетлерин жəнеде жетилистириў бойынша  усыныслар берип келинбекте.


Қанлыкөл районы әдиллик
бөлими бас мәсләҳәтшиси                                      
Б.Матжанова