Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

15

Қараөзек районы әдиллик бөлими тәрепинен 2020-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслары бойынша мәлимлемеси


Қараөзек районы әдиллик бөлими тәрепинен 2020-жылдаўамында әмелге асырылған жумыслары бойынша мәлимлеме

Қараөзек районы әдиллик бөлими тәрепинен 2020 жыл даўамында бир қатар жумыслар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, физикалық ҳәм юридикалық шахслардан 120 арза ҳәм шағымлар келип тусип 66(55 %) қанаатландырылды, өткерилген 115 жеке ҳәм көшпели қабылларда 109 муражат унамлы шешимин тапты.
судларға пуқаралардыӊ мәпин гөзлеп 85 млн.сӯмлық 51 даӯа  арзалар киргизилип, пуқаралардың ҳуқықлары тикленди.
Әдиллик бөлимине келип түскен мүрәжатлар анализленгенде ең көп мүрәжатлар мийнет, үй-жай, социаллық қорғаў ҳәмде жер ажыратыў мәселелерине байланыслы екенлиги анықланды.
Нызамлардың дурыс орынланыўы бойынша 16 үйрениўлер өткерилип, 1.355 нызам бузыўшылық жағдайлары анықланды. Нызамбузыўшылыққа жол қойған 10 шахс ҳәкимшилик ҳәм 9 шахс интизамий жуўапкершиликке тартылды.
Үйрениўлер нәтийжесинде 2020-жылда мәкеме ҳәм шөлкемлерге жәми 31 усыныслар киргизилип, бул усынысларға тийкар 254 млрд. 898 мыӊ сум пул қаржылары төлеп берилди.
Әдиллик бөлими тәрепинен Қараөзек районы ҳәкиминиң 9 қарар жойбарлары ҳуқықый экспертизадан өткерилип мәмлекетлик есапқа алынды.
Пуқаралардың ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятын жоқарылатыўға байланыслы жумыслардың нәтийжелилигин және де асырыў, пуқаралардың жәмийетлик-сиясий өзгерислер менен сәйкес түрде ҳуқықый билимлерин асырып барыўдың заманагөй усылларын енгизиў мақсетинде 2019-жылдың 9-январь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң 5618-санлы Пәрманы қабыл етилди. Пәрман менен “Жәмийетте ҳуқықый мәдениятты жоқарылатыў Концепция”сы тастыйықланды.
2020-жыл даўамында әдиллик бөлими тәрепинен «шахс — шаңарақ — мәҳәлле — билимлендириў мәкемеси — шөлкем — жәмийет» принципи бойынша 548 үгит-нәсият жумыслары (379 ғалаба хабар қуралларында, 138 аўызеки, 31 көргизбели ҳуқықый үгит-нәсият) алып барылды. Жаӊадан қабыл етилген 1572 норматив-ҳуқықый  ҳүжжетлер райондағы мәкеме ҳәм шөлкемлерине электрон формада жеткерилип берилди.
Әдиллик бөлими тәрепинен мәмлекетлик уйымлардың ҳуқықты қоллаў әмелиятын үйрениў тийкарынан норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер орынланыўын тәмийинлеў, надурыс ямаса қарама-қарсылықлы қоллаў әмелиятына алып келетуғын нормаларды өз ўақтында анықлаў ҳәм сапластырыў бойынша мәмлекетлик органларда ҳәм шөлкемлерде бир қатар үйрениўлер ҳәм мониторинглер өткерилип келинбекте.
Қараөзек районы әдиллик бөлими тәрепинен 2020-жылдың 20-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша суды, Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша суды, Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик суды, Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық суды, “МАДАД” мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем ортасында Қарақалпақстан Республикасында жынаятшылықтың өсип кетиўин алдын алыў, жынаятшылық профилактикасын жәнеде жетилистириў, әдил судлаўды тәмийнлеў ҳәм коррупциясыз аймаққа айландырыў бойынша имзаланған “Биргеликте ислесиў” меморандумның орынланыўын тәмийнлеў мақсетинде Қараөзек районы Жынаят ислери бойынша ҳәмде ҳәкимшилик судларында пуқаралар қабыл етилип оларға бийпул ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди.

Қараөзек районы әдиллик
бөлими баслығы                            
О.Джуманиязов