Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

15

Нызамшылықтағы жаңалықлар


Әдиллик уйымларының орынланыўы мәжбүрий болған усынысларын орынламағанлық ушын жуўапкершилик белгиленди
“Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы Нызамы (ЎРҚ–666-сан, 14.01.2021-ж.) Президент тәрепинен имзаланды.
Нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске қосымша киритилиб, оған көре әдиллик уйымларының орынланыўы мәжбүрий болған усынысларын орынламаў, соның ишинде өз ўақтында яки толық орынламаў лаўазымлы шахсларға БЕМның еки есесинен бес есесине шекем (446 мың сўмның 1 млн 115 мың сўмға шекем) муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.
Дәл усындай ҳуқықбузарлық ҳәкимшилик жаза шарасы қолланылғаннан кейин бир жыл даўамында тәкирар исленген болса лаўазымлы шахсларға БЕМның бес есесинен жети есесине шекем (1 млн 115 мың сўмнан 1 млн 561 мың сўмға шекем) муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

Усы Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.