Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

13

Нызамшылықтағы_жаңалықлар


Прокурорлардың барлық экономикалық суд мәжлислеринде қатнасыў ҳуқықы бийкар етилди
«Суд қарарларын қайта көриў институты жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодексине өзгертиў ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызам (ЎРҚ-663-сан, 12.01.2021 ж.) Президент тәрепинен имзаланды.

Нызам менен Экономикалық процессуал кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.
Киргизилген өзгерислерге көре, ислерди бақлаў тәртибинде көриў инстанциясы сапластырылды.
Инвестициялық келиспеўшиликлер ҳәм бәсекиге байланыслы ислердиң экономикалық судларға тийисли екенлиги белгиленди.
Ислер инвестициялық келиспеўшилик бойынша ири инвестордың, бәсекиге байланыслы ис бойынша тәреплердиң қәлеўине көре Жоқарғы суд тәрепинен көриледи.
Прокурорлардың барлық экономикалық суд мәжлислеринде қатнасыў ҳуқықы бийкар етилди. Ендигиден былай прокурор тек ғана нызамда нәзерде тутылған жағдайларда ямаса прокурордың даўа арзасы менен қозғатылған ислерде ғана қатнасыўы мүмкин.
Бизнес омбудсманға шешиўши қарары үстинен апелляция шағымын бериў ҳуқықый берилди.
Буннан тысқары, Жоқарғы суд судьясы кассация шағымы бойынша экономикалық суддан исти талап етип алыўға ҳақлы екенлиги белгиленди.
Бақлаў инстациясы бийкар болған болсада, кассация тәртибинде көрилген ис тәкрар көрлиўи мүмкин.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими А.Отарбаев