Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

17

Өзбекстан Республикасының «Ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалар ҳаққында»ғы Нызамында қандай механизмлер енгизиўге қаратылған?


Өзбекстан Республикасының «Ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалар ҳаққында»ғы Нызамы 2017 жыл 14 декабрь күни Өзбекстан Республикасы Нызамшылық палатасы тәрепинен қабыл етилип, Өзбекстан Республикасы Сенаты тәрепинен 2017 жыл 20 декабрь күни мақулланған. Өзбекстан  Республикасы Президенти тәрепинен 2018 жыл 8 январь күни қол қойылып тастыйықланған ҳәм рәсмий жәрияланған күннен баслап он еки ай өтипөз күшине кириўи белгиленди.
Бул нызам атқарыўшы ҳәкимият уйымлары жумысының заманагөй шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый түрлерин енгизиў, ишки ведомстволық қадағалаў механизмин күшейтиў, мәмлекетлик басқарыў тараўында формализмге ҳәм лаўазымынан пайдаланыўға шек қойыў, сондай-ақ, мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлеў, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин әмелге асырыўдың заманагөй механизмлерин енгизиўге қаратылған.
Нызамда ҳуқықты қолланыў әмелиятын, тараўдағы жүзеге келген машқалаларды, соның ишинде, шет ел тәжирийбесин терең үйрениў тийкарында ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалардың улыўма қағыйдалары белгиленген. Атап айтқанда, мәмлекетлик уйымлар ҳәм пуқаралар, шөлкемлердиң бирге ислесиўин сәўлелендиретуғын ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалардың тийкарғы принциплери көрсетилген. Нызамда жумысларды көрип шығыў ҳәм олар бойынша тийисли қарарлар қабыл етиўдиң анық тәртиби, ҳәкимшилик ҳүжжетти бийкарлаў, өзгертиў ямаса нызамлы күшке ийе болмаған деп тән алыў ушын тийкарлар, наразы болып шағым арзасын бериўдиң улыўма принциплери беккемлеп қойылған. Ҳәкимшилик жумыслардың тийислилиги, ведомстволараралық өз-ара бирге ислесиў, ҳәкимшилик ис жүргизиўде ўәкиллик, мийрас, дәлийллер, ҳәкимшилик ис жүргизиў мүддетлери ҳәм ҳәкимшилик жумысты көрип шығыўға байланыслы қәрежетлер ҳаққындағы режелер нәзерде тутылған. Ҳәкимшилик ис жүргизиў қатнасыўшылары, сондай-ақ, ҳәкимшилик жумысты шешиўге көмеклесетуғын шахслар топарлары, олардың ҳуқықлары менен миннетлемелери толық белгилеп берилген.
Сондай-ақ, арнаўлы ҳәкимшилик тәртип-қағыйларды белгилеўши нызам ҳүжжетлери физикалық ҳәм юридикалық шахслардың жағдайын жаманластырмаўы керек.
Нызам бойынша ҳәкимшилик органлардың мәпдар шахсларға қарата ҳәкимшилик-ҳуқықый искерлигине, атап айтқанда лицензия, рухсат бериў, дизимнен өткериў тәртип-қағыйдаларына, мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў менен байланыслы басқа тәртип-қағыйдаларға, сондай-ақ нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа ҳәкимшилик-ҳуқықый искерлигине қарата усынылады.  
Нызам бойынша физикалық ҳәм юридикалық шахслар күнделик искерлигинде дус келиўи мүмкин болған әҳмийетли ҳүжжетлерден бири есапланады.

Қоңырат районы Әдиллик бөлими бас мәсләҳәтшиси Марат Сметуллаев