Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

27

Нызамшылықтағы жаңалықлар


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

“Геном бойынша мәмлекетлик дизимге алыў ҳаққында”ғы Нызам Президент тәрепинен имзаланды (649-санлы Нызам, 24.11.2020-ж.)

Геном бойынша мәмлекетлик дизимге алыў биологиялық материалларды алыў, оннан пайдаланыў, оны сақлаў ҳәм жоқ қылыў, сондай-ақ адамның шахсын, танып алынбаған өлини идентификация қылыў ҳәм (ямаса) биологиялық туўысқаншылықты анықлаў мақсетинде геномға байланыслы мәлимлемеге ислеў бериў ҳәм оны қорғаў менен байланыслы болған, мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелери тәрепинен әмелге асырылатуғын искерлик есапланады.

Геном бойынша мәмлекетлик дизимге алыў тараўындағы искерликти әмелге асырыўшы мәмлекетлик уйым ҳәм мәкемелери төмендегилерден ибарат:

тергеўге шекем тексериўди, сорастырыўды, дәслепки тергеўди әмелге асырыўшы уйымлар ҳәм суд;
Ишки ислер, Әдиллик, Ден саўлықты сақлаў министрликлериниң суд-экспертиза мәкемелери.

Ишки ислер министрлиги геном бойынша мәмлекетлик дизимге алыў тараўындағы ўәкилликли мәмлекетлик уйым есапланады.

Геном бойынша мәмлекетлик дизимге алыў төмендеги тәртипте әмелге асырылады:
● биринши басқышта биологиялық материалды алыў әмелге асырылады;
● екинши басқышта биологиялық материалдан геномға байланыслы мәлимлеме алынады;
● үшинши басқышта геномға байланыслы мәлимлеме Геномға байланыслы мәлимлемениң бирден бир мағлыўматлар базасына киргизиледи.

Геном бойынша мәмлекетлик дизимге алыў ықтыярлы (пуллы тийкарда) ҳәм мәжбүрий түрде мәмлекетлик дизимге алыў тәризинде әмелге асырылады.

Нызам 2023-жыл 1-январьдан баслап күшке киреди.

Ҳүжжет ҳаққындағы толық мағлыўмат пенен www.lex.uz сайты арқалы танысыўыңыз мүмкин.