Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

27

Әдиллик министриниң нәўбеттеги көшпели қабыллаўы Тахтакөпир районында өткерилди


Әдиллик министриниң нәўбеттеги көшпели қабыллаўы Тахтакөпир районында өткерилди

2020-жылдың 27-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен Тахтакөпир районы Даўқара ҳәм Қаратерең АПЖ турғынлары ушын көшпели қабыллаў өткерилди.Қабыллаў даўамында пуқаралардан жумыс пенен тәмийинлеў, ис ҳақы, алимент, коммунал мәселелер, кредит ажыратыў, ишимлик суў менен тәмийинлеў сыяқлы мәселелерде  мүрәжатлар келип түсип, оларға ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди, үйрениўди талап ететуғын мүрәжатлар район әдиллик бөлими тәрепинен қабыл етилди.
Сондай-ақ, айырым мәселелер сол жердиң өзинде унамлы шешимин тапты. Мәселен, пуқара Абидов Ерполаттың 94 жастағы атасы наўқас екенлигин билдирип, атасының атында турған  турақ жай ҳәм автомашинасына саўға шәртнамасын рәсмийлестириўди сораған мүрәжаты сол ўақыттың өзинде орнына барып үйренилди ҳәм әмелий жәрдем берилди.

Тимур Караматдинов,
Әдиллик министрлиги бөлим баслығы