Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

24

Тийкарсыз тоқтатылған және бир орынлаў ҳүжжетиниң тиклениўи тәмийинленди


Тийкарсыз тоқтатылған және бир орынлаў ҳүжжетиниң тиклениўи тәмийинленди

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигине, Нөкис қаласында жасаўшы З.О. атлы пуқарадан келип түскен, Мәжбүрий орынлаў бюросы (кейинги орынларда МОБ деп жүритиледи) Нөкис қаласы бөлими хызметкерлери ҳәрекетлери үстинен наразылығын билдирген мүрәжаты үйренилип шығылды.
Анықланыўынша, Пуқаралық ислери бойынша (кейинги орынларда ПИБ деп жүритиледи) Шымбай районлараралық судыныӊ 2020-жыл 5-февраль күнги орынлаў хатына тийкар қарыздар Д.Б. дан өндириўши З.О. пайдасына 47.725.610 сум өндириў ҳаққындағы орынлаў ҳүжжети МОБ Нөкис қаласы бөлими ис жүритиўине 2020-жыл 5-мартта келип түсип, 6-март күни 613-санлы орынлаў иси жүритиўи қозғатылған.
ПИБ Шымбай районлараралық судыныӊ 2020-жыл 16-июньдағы уйғарыўына тийкар, МОБ тәрепинен ис шағым тәртибинде көрилгенге шекем орынлаў ҳәрекетлери тоқтатылып қойылғанлығы анықланды.
Қарақалпақстан Республикасы ПИБ суды кассациялық судлаў коллегиясыныӊ 2020-жыл 16-июльдағы уйғарыўы менен талапкер З.О. ның жуўапкер Д.Б. ға қарыз пулларын өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қабыл етилген ПИБ Шымбай районлараралық судыныӊ 2020-жыл 5-февральдағы бийлигине өзгерис киргизилип, қарыздар Д.Б. дан өндириўши З.О. пайдасына 49.982.272 сум өндириў белгиленген.
Пуқара З.О. менен мүрәжатындағы мәселелер бойынша сәўбетлескенимизде, кассациялық судлаў коллегиясыныӊ 2020-жыл 16-июль күнги уйғарыўын МОБ Нөкис қаласы бөлимине усынып, уйғарыўды орынлаўға қаратыў бойынша бир неше мәрте мүрәжат қылғанлығын билдирди.
Бул жағдайларға анықлық киргизиў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы ПИБ судынан мәлимлеме сорағанымызда, судтың уйғарыўына тийкар орынлаў ҳүжжетлери МОБ Нөкис қаласы бөлимине 2020-жыл 20-июльде жиберилгенлигин мәлим қылды.
Өзбекстан Республикасы “Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлар ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында”ғы Нызамыныӊ 36-статьясында, орынлаў исин жүритиў басқа жағдайларда да орынлаў исин жүритиўди тоқтатып турыўға тийкар болған ҳалатлар тамамланғанға шекем тоқтатып турылыўы мүмкин екенлиги, орынлаў иси жүритиўди тоқтатып турыўға себеп болған жағдайлар сапластырылғанлығынан кейин орынлаў иси жүритиў оны тоқтатып турған суд яки мәмлекетлик орынлаўшысы тәрепинен өндириўшиниӊ арзасына ямаса мәмлекетлик орынлаўшысыныӊ басламасына көре тикленетуғынлығы нәзерде тутылған.
Солай етип, ПИБ Шымбай районлараралық судыныӊ 2020-жыл 16-июнь күнги пуқаралық иси бойынша қабыл етилген бийлиги орынланыўы ис кассация тәртибинде көрилгенге шекем тоқтатылған 613-санлы орынлаў иси, кассациялық судлаў коллегиясында 2020-жыл 16-июль күни көрилип шығылғанлығына байланыслы орынлаў исин тиклеў, сондай-ақ хызмет ўазыйпаларына немқурайлық қатнаста болған жуўаплы хызметкерлердиң ис-ҳәрекетлерине ҳуқықый баҳа бериў ҳаққында МОБ Қарақалпақстан Республикасы басқармасына усыныс киритиў жолы менен нызам бузылыўшылық жағдайлары сапластырылды.

Министрликтиң
Инсан ҳуқықларын қорғаў бөлими
бас мәсләҳәтшиси                                                   Абатов Амангелди Парахатович