Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

23

Билесизбе


Үй-жай майданының социаллық нормасы қанша?

Муниципал, кеңселик үй-жай фонды ҳәм анық мақсетли коммунал үй-жай фондынан турақ жайлар пуқараларға үй-жай майданының социаллық нормасына муўапық бериледи  (https://www.lex.uz/docs/106136).
Үй-жай майданының социаллық нормасы ўәлаят ҳәкимликлери тәрепинен 1 адам есабына 16 квадрат метрден кем болмаған көлемде белгиленеди.
Пуқаралардың айырым топарларына үй-жай майданының социаллық нормасынан артықша қосымша үй-жай майданын бир хана тәризинде ямаса 18 квадрат метрли улыўма майдан муғдарында бериледи.
Айырым хроникалық кеселликлердиң  аўыр түрлери менен аўырған пуқараларға, Ден саўлықты сақлаў министрлиги тастыйықлаған дизим бойынша, сондай-ақ орынлап атырған жумыс шәраятлары ҳәм өзгешелигине көре қосымша майдан зәрүр болған пуқараларға бундай майдан муғдары көбейтирилиўи мүмкин.