Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

19

Суд-тергеў искерлигинде шахстыӊ ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаӯ кепиллиги жәнеде күшейттириледи


2020-жыл 10-август күни “Суд-тергеӯ жумысында шахстыӊ ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаӯ ҳәм кепилликлерин буннан былай да күшейтиӯ илажлары ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы қабыл етилди.
Парманда инсан ҳуқықларыныӊ бузылыӯы, әсиресе ҳуқык қорғаӯ уйымлары хызметкерлери тәрепинен пуқараларға қаратылған нызамсыз ҳәрекетлер ислениӯиниӊ алдын алыӯға қаратылған ҳуқықый механизимлер нәзерде тутылған.
Буннан тысқары, халықаралық стандартлар тийкарында тергеӯ сапасын асырыӯ шаралары белгиленбекте.
Атап айтканда, усланған шахстыӊ ҳуқықларыныӊ бузылыӯыныӊ алдын алыӯ мақсетинде, оператив-излеў жумысын әмелге асырыӯшы уйымлар хызметкерлери тәрепинен гүманланыӯшы, айыпланыӯшы ямаса судланыўшыдан арза, түсиник хат ямаса көрсетпелер алыўды усы жынаят иси жүргизиӯинде болған сорастырыўшы, тергеўши, прокурор ямаса судьяның жазба руқсатына тийкарланып ҳәм тек қорғаўшы қатнасыўында әмелге асырыў нәзерде тутылмақта.
Сондай-ак, айыбын мойнына алыў бойынша келисим институтын  киргизилмекте. Бунда, айырым тайпадағы жынаятлар бойынша шахс айыбын мойнына алыў ҳаққында арза берген, қылмысына шын кеўилден пушайман болған, жынаяттың ашылыўына белсене жәрдем берген ҳәм сондай-ақ келтирилген зыянды сапластырған жағдайларда сорастырыў ҳәм дәслепки тергеў уйымлары менен жазба келисим дүзилиўи, оған суд тәрепинен ол айыпланған статьяда нәзерде тутылған ең көп жазаның ярымынан көп болмаған муғдары ямаса мүддетине шекем жаза тайынлаў нәзерде тутылмақта. Жынаят исин судқа шекем жүргизиў басқышында гүўа ҳәм жәбирлениўши аўыр кеселлиги ямаса узақ мүддетке сырт мәмлекетке шығып кетиў зәрүрлиги себепли кешлеў сорап алыў имканияты болмаған жағдайда, олардың көрсетпелерин гүманланыўшы, айыпкер, жәбирлениўши, гүўа, прокурор ямаса адвокаттың өтинишине бола суд тәрепинен тәреплердиң қатнасыўында алдыннан беккемлеп қойыў (депонирование) тәртибин енгизиў;
-жүдә аўыр жынаят ислегенликте гүманланып ямаса айыпланып атырған шахсларға байланыслы жынаят ислери бойынша, сондай-ақ, шахсты қамаққа алыў ямаса үй қамағы түриндеги бас шарасын қолланыў мәселелеринде қорғаўшының қатнасыўы шәрт екенлигин белгиленбекте.
Егер суд тергеўи ўақтында судланыўшының оған алдын айып қойылмаған жынаятты ислегенлигин көрсететуғын жағдайлар анықланса, судланыўшыны жаңа айып бойынша жынайый жуўапкершиликке тартыў;  
егер суд тергеўи ўақтында жуўапкершиликке тартылмаған шахс тәрепинен жынаят жүз берилгенлигин көрсететуғын жағдайлар анықланса, бул шахсты исте айыпкер тәризинде қатнасыўға тартыў ҳаққындағы өтинишин судқа киргизиў ҳуқықын ис бойынша барлық тәреплеге  берилмекте.
Шахсқа жәрияланған айып, жынаят иси судтың қайсы инстанциясында көрилип атырғанлығына қарамастан, жарасыў институтына жеӊилирек статьяға қайта квалификацияланған жағдайларда жарасыў институтын қолланыў имканияты жаратылмақта.
Судланыўшының жынаят жүз берилиўине қатнасы болмағанлығы тийкары менен ақлаў ҳүкими шығарылған жағдайларда, жынаятты ҳақыйқатта ислеген шахсты анықлаў ҳәм айыпкер тәризинде иске тартыў ушын жынаят исин прокурорға жибериў тәртибин орнатылмақта.
Жуӯмақластырып айтқанда нызам ҳәм халық аралық ҳүжжетлерде орын алған, айыпланыӯшыныӊ тийкарғы ҳуқықларыныӊ бири - бул көрсетпе бериӯден бас тартыӯ ҳәм көрсетпелерден жынаят исине байланыслы дәлиллер сыпатында онын өзине қарсы пайдаланыӯы мүмкинлиги ҳаққында хабардар болыӯ ҳуқықы болып есапланады. Сонлықтан Парман менен усы ҳуқықты толық әмелиятта жүзеге  шыгарыӯ имканияты жаратылады.

Нөкис районы жынаят ислери
бойынша судының кеңсе меңгериўшиси         Б.Даулетов