Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

16

#ҒХҚ_жуўапкершилиги


#ҒХҚ_жуўапкершилиги

Журналист кәсип этикасы ҳәм адамлардың жеке өмири. Нелерге әмел етиў керек?

Өзбекстан журналистлердиң кәсип этикасы кодексине муўапық, журналист адамлардың жеке өмирине қол қатылмаслық ҳуқықын ҳүрмет етиўи, шахстың абыройы ҳәм қәдир-қымбаты кемситилиўине жол қоймаў керек.

Журналист адамлардың жеке өмири ҳаққындағы мағлыўматларды тек ғана олардың разылығы ҳәм ҳүжжетлердиң сыр сақланыўына әмел еткен ҳалда жәриялаўы мүмкин.

Сондай-ақ, ол нызамсыз жол ҳәм  тийкарланбаған (номақбул) қураллар жәрдеминде адамлардың жеке өмири ҳаққында хабар топлаў, даўыс жазып алыў ҳәм материаллар топлаўы мүмкин емес.

Журналист жынайый исти жарытыўшы материалларды таярлап атырғанда айыпсызлық презумпциясына әмел етиўи керек.




  Журналист ғалаба хабар қуралларында ҳақыйқатқа дурыс келмейтуғын материалларды тарқатқаны ушын төмендеги жағдайларда жуўапкер болмайды (https://www.lex.uz/acts/1106870):

  егер бул мағлыўматлар рәсмий хабарлардан, нызам ҳүжжетлеринен ямаса рәсмий статистика есабатлары мағлыўматларынан ямаса хабар агентликлери яки мәмлекетлик уйымлардың баспасөз хызметлери арқалы, соның менен бирге, олардың рәсмий веб-сайтларынан алынған болса;  

  егер бул мағлыўматлар алдыннан жазып алынбастан эфирге берилетуғын авторлық шығыўларында бар болса ямаса шығыўлардың сөзбе-сөз қайталаныўы (стенография, аудио,  видеожазыў) болса.