Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

22

Коррупцияға қарсы үзликсиз гүресиў дәўир талабы


Коррупцияға қарсы үзликсиз гүресиў дәўир талабы

Бүгинги күнде коррупция машқаласы демократиялық ҳуқықый мəмлекет ҳəм пуқаралық жәмийетиниң раўажланыўына тосқынлық қылатуғын тийкарғы факторлардың бири есапланады. Себеби, коррупция машқаласының турмысымызда ушырасыўы нызам үстемлигин тәмийинлеў, демократиялық реформалардың нәтийжели әмелге асырылыўына ҳәм инсан ҳуқықлары бәрше орынларда ҳәм жағдайларда қорғалыўын тәмийинлеўге қәўип туўдырады. Коррупцияның ҳәўиж алыўы нәтийжесинде пуқаралардың ҳәкимиятқа болған исениминиң сөниўи, экономика тараўында болса исбилерменлер арасындағы ҳақыйқый бәсекилик орталығы болмаўы сондай-ақ басқада тараўларда унамсыз көринисте сəўлеленеди.
Ҳәр бир физикалық ҳәм юридик шахслардың бузылған ҳуқықларын тиклеў, ҳәр қандай коррупция көринисиндеги жағдайларды лаўазымлы шахслар тәрепинен дәмегөйлик қылыў мақсетинде яки басқа мәплерин гөзлеген ҳалда нызамсыз араласыў ҳәм тосқынлық қылыў жағдайлары ҳәм басқада нызамға қарсы ис-ҳәрекетлери жүзесинен ҳуқық бузарлықларды өз ўақтында анықлаў, оларға шек қойыўлардың ақыбетлерин, оларға имкан бериўши себеплер ҳәм шәрт-шәраятларды сапластырыў, коррупцияға байланыслы ҳуқық бузарлықларды сәдир еткени ушын жынайый жуўапкершиликтиң жазасыз қалмаўы ҳаққында нызам талапларына әмел етиўин тәмийинлеў бойынша қатаң шаралар белгиленген.
Мәмлекетимизде коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў раўажланыўымыздың жоқары шыңы болып есапланды.
2019 жылдың 27-май күни ПФ–5729-санлы “Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын жәнеде жетилситириў ис-иләжлары ҳаққында”ғы Президент Пәрманы қабыл етилди.
Пәрманның  мақсети коррупцияға қарсы гүресиў системасы нәтийжелигин асырыў, ең жоқары дәрежедеги исбилерменликке қолайлықлар жаратыў ҳәм мәмлекеттиң ҳалқаралық майдандағы унамлы абырой-итибарын асырыў есапланады.
Пәрман менен, 2019-2020-жылларда коррупцияға қарсы гүресиў мәмлекетлик бағдарламасы тастыйықланды. Бағдарламаға муўапық, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша республика мекемелерара комиссиясының жаңаланған қурамы дүзилди.
Аймақларда ҳәм халық депутатлары Кеңеслери қурамында коррупцияға қарсы гүресиў комиссиялары шөлкемлестирилип, олар орынларда усы тараўдағы ислердиң жағдайларын комплекс үйренип барады.
Мәмлекетлик хызметкерлерди таңлаў тийкарында жумысқа қабыл етиў, лаўазымға тайынлаў ҳәм жоқары лаўазымларға көтериўде ашықлық тәртибине тийкарланған мәмлекетлик хызмети дизими шөлкемлестириледи.
Мәмлекетлик хызметкерлер ушын шеклеўлер, қадаған етиўлер, ҳошаметлеў ис-иләжлары ҳәмде коррупцияның алдын алыўдың басқа механизмлериниң анық системасы белгиленеди.
Коррупция менен байланыслы ҳуқық бузарлықлар ҳаққында хабар берген шахсларды қорғаўдың нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм ҳуқықый механизмлари енгизилди.
Пәрманға тийкар, 2019 жыл 1-сентябрден баслап, жасларға коррупцияға қарсы гүресиў тараўында ҳуқықий билим бериў бойынша  комплекс ис-иләжлар ислеп шығылып, әмелиятқа енгизилди. Улыўма орта, орта арнаўлы, кәсип-өнер ҳәм жоқары билим бериў орынларында оқыў дәстүрлеринде коррупцияға қарсы темалар жәнеде күшейтирилди.
2019-жыл 1-августтен баслап эксперимент сыпатында дәслепки басқышта  капитал қурылыс ҳәм жоқары билим бериў тараўында “КОРРУПЦИЯСЫЗ ТАРАЎ” жойбары әмелге асырылған болса, 2020 жылдың 1-апрелинен баслап усы жойбар басқа тараўларғада басқышпа басқыш енгизилип баслады.
Президент Пәрманына көре, тийисли тараўда коррупцияға байланыслы ҳуқық бузарлықларға имкан жаратып атырған себеплер ҳам шәрт-шараятларды түп тамыры менен жоқ етиў мәмлекетлик органлар ҳәм шөлкемлердиң басшыларының биринши дәрежедеги ўазыйпасы есапланады.
2019 жыл 1-июльдан баслап мәмлекетлик органларға жүклетилген ўазыйпа ҳәм функцияларың әмелге асырыўда жүзеге келетуғын коррупциялық қәўип-қәтерде мәжбүрий баҳалап барылады. Бунда мәмлектлик органлар, коррупция қәўип-қәтер ең көп душ келетуғын мәмлекетлик хызметкерлердиң жумыс тараўы ҳәм лаўазымлары, сондай-ақ, олардың функциялары дизими дүзип шығылды.
Бүгинги күнде, жоқарыда атап өтилген коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы реформаларды əмелге асырыў механизминиң тийкарғы факторларының бири сыпатында Өзбекстан Республикасының Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги қəлиплестирилгенлигин айтыўымыз мүмкин.
Бул агентлик коррупцияның алдын алыў хəм оған қарсы гүресиў тараўында Мəмлекетлик сиясатын қəлиплестириў ҳəм əмелге асырыўда арнаўлы ўəкилликли Мəмлекетлик орган есапланады.
Бул агентлик Өзбекстан Республикасы Президентине бойсыныў хəм Өзбекстан Республикасы Олий Мəжлиси алдында есабат бериўи тəртибинде искерлик алып барады.
Жоқарыда атап өтилген реформалардың нəтийжесинде, келешекте, коррупциялық ҳалатлардың жоғалыўына, бүгинги күнде алып барылып атырған ҳуқықый демократиялық мəмлекет ҳəм пуқаралық жəмийетиниң қурылып, еледе раўажландырыўда үлкен натийжелерге ерисилиўине исеним билдиремиз.  


Оралбай Джуманиязов,
Қараөзек районы әдиллик бөлими баслығы