Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

19

«Исбилерменлик искерлиги ҳәм ѳзин-ѳзи бәнт етиўди мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўды әпиўайыластырыў ис-иләжлары хаққында»ғы Президент пәрманы ҳаққында


Исбилерменлик искерлиги ҳәм ѳзин-ѳзи бәнт етиўди мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўды әпиўайыластырыў ис-иләжлары хаққындағы Президент пәрманы қабыл етилди

Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 8-июнь күни «Исбилерменлик искерлиги ҳәм ѳзин-ѳзи бәнт етиўди мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўды әпиўайыластырыў ис-иләжлары хаққында»ғы ПҚ-4742-санлы Президент қарары қабыл етилди, қарардың мақсети халыққа кеңнен мүмкиншиликлер жаратыў ҳәм нызамлы исбилерменлик искерлигин жүритиў ушын шараят жаратып бериў болып есапланады.
Усы жерде айтып ѳтиўимиз керек, Ѳзбекстан Республикасы Салық кодексине тийкар, ѳзин-ѳзи бәнт еткен пуқаралардың дәраматы физикалық шахслардың мийнет искерлиги даўамында тапқан улыўма дәраматы қатарына киритилмейди.
Сондай-ақ, қарар менен пуқаралардың ѳзин-ѳзи бәнт етиў искерлиги (улыўма
67 түр) түрлери дизими тастыйықланған.
Солардан атап ѳтетуғын болсақ:
- үйде репититорлық қылыў-балалар ҳәм жасы үлкенлер менен илим-пән тараўында жеке тәртипте ямаса топарлар дүзип шуғылланыў;
- балаларға қарап турыў, олардың тәрбиясы менен шуғылланыў бойынша физикалық шахсларға хызметлер кѳрсетиў;
- кеселлер хәм бәрқулла ѳзгелердиң қараўына мүтәж жасы үлкенлерге қараў бойынша физикалық шахсларға хызметлер кѳрсетиў,
- үй хожалығын жүритиў ҳәм үй жумысларын орынлаў, турар жайын тазалаў, аўқат писириў хызметлерин кѳрсетиў;
- үй дѳгерегин тазалаў, аймағын абаданластырыў, кѳкелемзарластырыў ҳәм басқада ислер менен хызметлер кѳрсетиў;
- интернет тармақлары арқалы хызмет кѳрсетиў
2020-жыл 1-июль күнинен баслап ѳзин-ѳзи бәнт еткен шахсларды мәмлекетлик дизимге алыў, хызмет еткен дәўириндеги социаллық салық тѳлеў тәртиплери әпиўайыластырылып жеңилликлер белгиленди.
Буннан тысқары,  өзин-өзи бәнт еткен шахслар 2020-жыл ушын социаллық салықты өзин-өзи бәнт еткен шахс сыпатында ҳақыйқатта ислеген ўақтына қарамастан, БЕМның кеминде 50 проценти көлеминде төлейди ҳәмде усы сумма толық түрде бюджеттен тысқары Пенсия қорына бағдарланады ҳәм оннан келип шыққан ҳалда жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын орнатылған тәртипте пенсия есаплаў ушын дәрамат көлеми анықланады;

өзин-өзи бәнт еткен шахслар жалланба жумысшыларды тарта алмаўы ҳәмде жумыс бериўшиге ийе бола алмаслығы ҳаққындағы талап сақланып қалады.

Мағыўмат ушын, Салық кодексине муўапық өзин-өзи бәнт еткен шахслардың мийнет искерлиги нәтийжесинде алынған дәраматлары физикалық шахслар жәми дәраматлары қурамына киргизилмейди.
Қарарға муўапық, Интернет тармағы арқалы хизметлер көрсетиўши (жумысларды орынлаўшы) өзин-өзи бәнт еткен шахсларға (фрилансинг) төмендеги ҳуқықлар бериледи:

  көрсетилген хызметлер (орынланған жумыслар) ушын шет елдеги физикалық ҳәм юридикалық шахслар–резидент емеслерден шет ел валютадағы төлемлерди Сыртқы саўда операцияларының бирден бир электрон мәлимлеме системасына тийисли мағлыўматларды киргизбеген ҳалда Өзбекстанның банклериндеги есапбетлерине қабыл етиў;
контракт дүзбестен, келисим ҳаққындағы ғалабалық усынысты (оферта) қабыл етиў ямаса электрон жазыспалар алмасыў ямаса есап-китап фактураларды (инвойс), соның ишинде, электрон формада усыныў жолы менен сыртелли физикалық ҳәм юридикалық шахсларға хызметлер көрсетиў (жумысларды орынлаў).
Қарарға муўапық, жайласқан орны (почта мәнзили) өзгергенде юридикалық шахслар – исбилерменлик субъектлерин мәмлекет тәрепинен қайта дизимнен өткериў үлкен муғдарларда салық қарыздарлығы бар болмаған жағдайда хабар бериў тәртибин қоллаған ҳалда бийкар етиледи.
Жеке тәртиптеги исбилерменлерди мәмлекетлик салық хызмети органларында есапқа қойыў оларды мәмлекет тәрепинен дизимнен өткерилип атырғанда (қайта дизимге алынып атырғанда) исбилерменлик искерлигин алып барыў орны бойынша әмелге асырылады.
Жеке тәртиптеги исбилерменниң мәмлекетлик дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гүўалығы онда жеке тәртиптеги исбилерменниң фотосүўрети көрсетилген ҳалда бериледи.
    
    Мойнақ районы әдиллик бѳлими баслығы                              А.Дастенов