Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

05

Нызамшылықтағы жаңалықлар


Қаржы ҳәм салық тараўында кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыўдың заманагөй системасын жаратыў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 2-марттағы «2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы ПП-5953-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Қәнигелик арттырыў орайы тийкарында Мәмлекетлик салық комитети жанында Фискал институт шөлкемлестирилди.
Институтта кадрлар таярлаў системасын раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары сыпатында төмендегилер белгиленди:
-салыққа тартыў ҳәм финанслық қадағалаў тараўлары ушын бакалавриат ҳәм магистратура бағдарлары бойынша кадрларды кредит-модуль системасы тийкарында таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў жумысларын жетилистириў;
-кадрлар таярлаў бағдарында сырт ел мәмлекетлериниң салық уйымлары ҳәм оқыў мәкемелери менен тәжирийбе алмасыўды кеңейтиў және биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын әмелге асырыў, оқыў-билимлендириў процесине сырт ел илимпазлары ҳәм қәнигелерин жедел тартыў;
-бюджет дәраматларын қәлиплестириўде мәмлекет мәплерин және салық төлеўшилердиң ҳуқықларын тәмийинлей алатуғын кадрларды тәрбиялаў;
-салық уйымлары ушын алдынғы мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм автоматластырылған таллаў методлары менен ислесиў көнликпесине ийе болған қәнигелер таярлаў системасын жолға қойыў;
-салыққа тартыў және финанслық қадағалаў тараўларында әмелий ҳәм фундаменталь илимий-изертлеўлер алып барыў нәтийжесинде инновациялық жойбарларды енгизиўди кеңейтиў;
-маман кадрлар таярлаўды бухгалтериялық есап ҳәм финанслық есабаттың заманагөй усылларын, халықаралық салыққа тартыў, трансферт баҳаларды белгилеў, тәўекелшиликлерди таллаў, бизнес-таллаў технологиялары (Business Intellegence) ҳәм салық ҳәкимшилигинде алдынғы мәлимлеме технологияларын (Big Data) қолланыў тийкарында шөлкемлестириў;
оқыў процесинде оқытыўдың заманагөй түри ҳәм методлары, соның ишинде, педагогикалық ҳәм мәлимлеме технологияларын, аралықтан билимлендириўди, оқытыў ҳәм тренинглерди интерактив және машқалалы-жағдайлы усылларын кеңнен енгизиў, студент, тыңлаўшы ҳәм педагог кадрлардың глобал мәлимлеме-ҳуқықый және билимлендириў ресурсларынан пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў.
Институт салықлар ҳәм салыққа тартыў тараўы ушын жоқары мағлыўматлы қәнигелер ҳәм илимий кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың  қәнигелигин арттырыў бойынша таяныш жоқары билимлендириў мәкемеси, финанслық қадағалаў ҳәм аудит және салық, қаржы ҳәм коммерция ҳуқықы, сондай-ақ, экономикада мәлимлеме технологиялары  тараўларында кадрлар таярлаў ҳәм жоқары дәрежеде фундаменталь және илимий-әмелий изертлеўлер алып барылыўын тәмийинлейтуғын жоқары билимлендириў мәкемеси болып есапланады.
Сондай-ақ,. Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Фискал институттың нәтийжели жумыс ислеўин тәмийинлеў ҳәм материаллық-техниалық базасын беккемлеў бойынша «Жол картасы» тастыйықланды.
Институтта оқыӯ процесси 2021/2022-оқыӯ жылынан басланады.

Сондай-ақ, 2020/2021-оқыӯ жылынан Фергана ҳәм Ташкент салық колледжлери Институт жанындағы салық техникумларына айлантырылады.