Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

15

Хожели районы әдиллик бөлими тәрепинен 2020-жылдың 9 айы даўамында әмелге асырылған жумыслары бойынша мәлимлеме


Хожели районы әдиллик бөлими тәрепинен 2020-жылдың 9 айы даўамында әмелге асырылған жумыслары бойынша мәлимлеме

Бүгинги күнде мәмлекетимизде барлық тараўларда кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.
Сол қатарда Әдиллик органлары системасын тәртипке салыў бойынша да бир қатар ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди.
Президентимиздиң 2018-жыл 13-апрель күнги 5415-санлы Пәрманы менен Әдиллик министрлиги жумысларын жетилистириў тараўында реформалар әмелге асырылып, министрлик тарийхында биринши мәрте район (қала) әдиллик бөлимлери шөлкемлестирилди ҳәм оларға төмендегише ўазыйпалар жүклетилди:
Атап айтқанда;
– ҳәкимлерге ҳәм мәмлекетлик органларына нызамлар ҳәмде норматив – ҳуқықый ҳүжжетлерди қоллаў мәселелери бойынша мәсләҳәтлер бериў;
– қабыл етилип атырған нызамлар ҳәм норматив – ҳуқықый ҳүжжетлердиң мазмун – мәнисин “республика-ўәлаят-район-мәҳәлле” принципи бойынша халыққа жеткериў;
– ҳәкимлер ҳәм халық депутатлары кеңеслериниң қарарларын ҳуқықый экспертизадан өткериў;
– ҳуқықты қоллаў әмелиятын үйрениў, анализлеў ҳәм усынысларды ислеп шығыў;
– өз ўәкиллик шеңберинде физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын көрип шығыў ўазыйпалары жүклетилген.
Бирден бир мәмлекетлик ҳуқықый сиясатты жүргизиў, норма дөретиўшилиги жумысларын муўапықластырыў, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары жумысларында ҳуқықты қоллаў әмелиятын изшил ҳәм бир түрде тәмийинлеў бойынша иләжларды әмелге асырыў әдиллик уйымларының тийкарғы ўазыйпасы есапланады.
Бул бағдарда Хожели районы әдиллик бөлими тәрепинен 2020-жылдың 9 айы даўамында бир қатар жумыслар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, Инсан ҳуқықларын қорғаў тараўында:
Жәми 109 мүрәжат келип түсип, судларға 333,1 млн. сумлық 60 даўа арзалар киргизилип, пуқаралардың ҳуқықлары тикленди.
Бөлимге келип түскен мүрәжатлар анализленгенде ең көп мүрәжатлар мийнет, социаллық қорғаў мәселелерине байланыслы екенлиги анықланды.
Нызамлардың дурыс орынланыўы бойынша 20 үйрениўлер ҳәм 10 мониторинг өткерилип, 2561 нызам бузыўшылық жағдайлары анықланды.
Үйрениўлер нәтийжесинде 2020-жылда мәкеме ҳәм шөлкемлерге жәми 61 усыныс, 64 ескертиў, 1 жынайый усыныс ҳәмде 22 ҳәкимшилик усыныс киргизилип, бул тәсир шараларына тийкар, 8,7 млн. сум қаржылар пуқаралар пайдасына өндирилип, 30 лаўазымлы шахслар интизамий жуўапкершиликке, 22 лаўазымлы шахслар ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылды.
Юридикалық хызметлердиң жумысларын муўапықластырыў тараўында:
Бүгинги күнде мәмлекетлик орган ҳәм шөлкемлерде 9 юристконсульт бар болып, олардан 2 юрист 2020-жылда Әдиллик министрлигинен сәўбеттен өткерилип, лаўазымға тайынланды.
Ҳуқықый экспертиза тараўында:
9 ай даӯамында район ҳәкимлигиниң 5 қарар жойбарлары ҳуқықый экспертизадан өткерилип мәмлекетлик есапқа алынды.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық тараўында:
Пуқаралардың ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятын жоқарылатыўға байланыслы жумыслардың нәтийжелилигин және де асырыў, пуқаралардың жәмийетлик-сиясий өзгерислер менен сәйкес түрде ҳуқықый билимлерин асырып барыўдың заманагөй усылларын енгизиў мақсетинде 2019-жылдың 9-январь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң 5618-санлы Пәрманы қабыл етилди. Пәрман менен “Жәмийетте ҳуқықый мәдениятты жоқарылатыў Концепция”сы тастыйықланды.
2020-жылдың 9 айы даўамында бөлим тәрепинен “шахс – шаңарақ – мәҳәлле – билимлендириў мәкемеси – шөлкем – жәмийет” принципи бойынша 856 үгит–нәсият жумыслары алып барылды.



Ф.Наранова
Хожели районы әдиллик
бөлими баслығы