Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

02

Нызамшылықтағы жаңалықлар


Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Веб-сайтларға жайластырылыӯы керек болған мағлыӯматлар түри кеңейди

“Мәмлекет қатнасындағы хожалық жәмийетлери ҳәмде мәмлекетлик унитар кәрханалары ҳаққындағы мағлыӯматларды жәриялаӯ системасын жетилистириӯ илажлары ҳаққында”ғы  Ҳүкимет қарары (674-сан, 30.10.2020-ж.) қабыл етилди.

Қарарға көре, министрлик ҳәм кеңселердиң рәсмий веб сайтларында мүлкдар функциялары әмелге асырылып атырған мәмлекетлик үлеси 50 пайыз ҳәм оннан артық болған хожалық жәмийетлери ҳәм мәмлекетлик унитар кәрханаларының төмендеги мағлыӯматлары жайластырылады :

•  устав фонды;
•  мәмлекетлик үлеси;
•  ҳәр шерек ҳәм жыл жуӯмақлары бойынша бухгалтерия балансы ҳәм финанслық нәтийжелери;
•  ислеп шығарыӯ көрсеткишлери;
•  жумыс орынлары саны;
•  кәрханалар басқарыӯ ҳәм қадағалаӯ уйымлары қурамы.

2021-жыл 1-январьдан мәмлекет қатнасындағы кәрханалардың рәсмий веб-сайтында экономикалық, финанслық ҳәм басқа статистикалық мағлыӯматлар, атап айтқанда ҳәр шеректе жыллық бизнес-режениң орынланыӯы ҳаққындағы есабат жайластырылады.

Мәмлекет қатнасындағы кәрханалар төмендеги мағлыӯматларды ҳәр шерек жуӯмақлары бойынша Мәмлекетлик активлерди басқарыӯ агентлигиниң арнаӯлы мәлимлеме системасында жайластырып барады:

- бизнес-режа көрсеткишлери орынланыӯы;
- ислеп шығарыӯ қуӯатларынан пайдаланыӯ;
- салық ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорларына төлемлер;
- сыртқы қарыздарлық;
- жергиликлилестириӯ ҳәм инвестиция жойбарлары орынланыӯы ҳаққындағы мағлыӯматлар.