Янгиликлар
02
Нызамшылықтағы жаңалықлар
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
Риэлторлар ушын айланыстан алынатуғын салық ставкасы түсириледи
“Жасырын экономиканы қысқартыӯ ҳәм салық уйымлары жумыслары нәтийжелилигин асырыӯ бойынша шөлкемлестириӯ илажлары ҳаққында”ғы Президент Пәрманы қабыл етилди (ПП-6098, 30.10.2020-ж.)
Пәрманға муӯапық, 2021-жыл 1-январьдан:
- 2022-жыл 1-январьға шекем улыўма аўқатланыў тараўындағы киши исбилерменлик субъектлериниң банк карталары ҳәм контактсыз төлемлерден пайдаланған ҳалда пуқаралардан алынған дәраматлары улыўма белгиленген салықларды төлеӯге мәжбүрий тәртипте ѳтиӯ мақсетинде улыӯма дәраматқа киритилмеӯ тәртиби енгизиледи;
- риэлторлық искерлиги менен шуғылланыўшы шахслар ушын айланыстан алынатуғын салық ставкасы 25 проценттен 13 процентке шекем түсириледи;
- қурылыс кәрханаларына мийнетке ҳақы төлеў фонды жәми муғдарының 10 пайызынан көп болмаған муғдарда (социаллық салық суммасын есапқа алмағанда) ис ҳақыны нақ пулда төлеў ҳуқықы менен шәртнама дүзбестен жумысшылар жаллаўға руқсат бериледи;
Жасырын экономиканы қысқартыӯ бойынша арнаӯлы комиссия ҳәм аймақлық комиссиялар шѳлкемлестирилди.
Бул комиссияның тийкарғы ӯазыйпасы салық режимин әпиӯайыластырыӯ ҳәмде нақсыз төлемлерди кеңейтириӯ илажларын көриӯден ибарат.
2020-жылда республиканың барлық аймақларында онлайн касса машиналарының чеклеринде сәӯлелендирилген QR-код ямаса фискал белги тийкарында утыслы ойынларды өткериӯ әмелге асырылады.
- Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги қурамында – Жасырын экономиканы анализлеӯ басқармасы,
- Мәмлекетлик салық комитети қурамында Салық қадағалаӯы департаменти шѳлкемлестирилди.
2020-жыл 1-ноябрьден мәмлекетлик салық хызмети уйымлары басқарыӯ хызметкерлери саны 10 пайызға қысқартырылады.
Мәмлекетлик салық хызмети ҳәм бажыхана хызмети уйымларының лаӯазымлы шахслары қадағалаӯшы ҳәм ҳуқық қорғаӯ уйымлары тәрепинен тексериӯлерди өткериӯ ушын ҳәптесине 16 жумыс саатынан көп болмаған мүддетке қамтып алыныӯы мүмкин.
Бунда, олар тек ғана салық, бажыхана ҳәм валюта нызамшылығына әмел етилиӯине байлансылы тексериӯлерди ѳткериӯ ушын қамтып алынады.