Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

31

Нызамшылықтағы жаңалықлар


Илимий шөлкемлердиң рейтинги дүзиледи

“Илим-пәнди 2030-жылға шекем раӯажландырыӯ концепциясын тастыйықлаӯ ҳаққында”ғы Президент Пәрманы (ПП–6097, 29.10.2020-ж.) қабыл етилди.


Пәрман менен Илим-пәнди 2030-жылға шекем раӯажландырыӯ концепциясы ҳәмде Концепцияның мақсетли көрсеткишлери ҳәм индикаторлары тастыйықланды.

Концепция шеңберинде, атап айтқанда:

- илимий шөлкемлердиң илимий-инновациялық искерлиги нәтийжелилигин баҳалаӯға бағдарланған миллий рейтинг системасы енгизиледи;

- 2025-жылға шекем илим-пәнге бағдарланған жами қаржылардың жалпы ишки өнимге қарата үлеси 6 есеге, 2030-жылга шекем болса 10 есеге асырылады;

-7 заманагөй лаборатория комплекслери шөлкемлестирилип, олар GLP ҳәм GMP дүнья стандартларына мас үскенелер менен тәмийинленеди.

2021-жылда халықаралық ғәрезсиз  эксперт компанияларын тартқан ҳалда барлық мәмлекетлик илимий шөлкемлердиң илимий-инновациялық жумыслары аудиттен ѳткериледи.

Сондай-ақ, 2021-жыл 1-январьдан “Академиялық ҳәрекетшеңлик” бағдарламасы енгизиледи.

2021-жыл 1-январьдан баслап Илимий дәрежели кадрлар таярлаӯды муӯапықластырыӯдың бирден бир  электрон системасы енгизиледи.