Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

26

#Нызамшылықтағы_жаңалықлар


#Нызмашылықтағы_жаңалықлар

Ҳәкимшилик жуӯапкершилик ҳаққындағы кодекске киргизилген өзгерислерге муӯапық (643-санлы Нызам, 26.10.2020-ж.) енди эпидемияларға қарсы гүресиӯ қағыйдаларын бузыӯ (54-статья) менен байланыслы ҳәкимшилик ислер ишки ислер уйымлары тәрепинен де көрип шығылыӯы мүмкин.

Бунда, ишки ислер уйымлары усы топардағы ислерди көрип шығыӯға ҳәмде ҳәкимшилик жазаны қоллаӯға тек ғана тийисли аймақларда ямаса объектлерде  
карантин енгизилген жағдайда, ҳақлы есапланады.

Сондай-ақ, ендигиден былай карантин шәраятында айдаӯшылар тәрепинен  Кодекстиң 54-статьясының екинши бѳлиминде
(https://lex.uz/docs/97664#4775812) (транспорт қуралларының ҳәрекетлениӯине шеклеӯлер бузылыӯы бѳлиминде) нәзерде тутылған ҳуқықбузарлық исленгенде, транспорт қураллары ишки ислер уйымлары тәрепинен ҳәкимшилик ис көрилгенге шекем услап турылыӯы мүмкин.

Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.