Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

30

#Нызамшылықтағы_жаңалықлар


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Ҳүкимет қарары менен  (663-сан, 28.10.2020-ж.) Атом энергиясынан пайдаланыӯ тараӯындағы искерликти лицензиялаӯ тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Режеге муӯапық, атом энергиясынан пайдаланыӯ тараӯындағы искерлик Санаат қәӯипсизлиги мәмлекетлик комитети тәрепинен лицензияланады.

Лицензия тек ғана юридикалық  шахсларға белгиленген искерлик түрлерин әмелге асыры ӯ ушын әмел етиӯ мүддети шекленбеген ҳалда бериледи.

Лицензия талапкерлери лицензия алыӯ ушын Санаат қәӯипсизлиги мәмлекетлик комитети не арза менен мүрәжат етеди.

Арза көрип шығылғанлығы ушын БЕМ ның 4 есеси муғдарында жыйым өндириледи.

Лицензия бериӯ ямаса оны бериӯден бас тартыӯ ҳаққындағы қарар қәӯипсизликти тийкарлаӯ  экспертизасын жуӯмақланған күннен баслап 10 күн даӯамында қабыл етиледи.

Лицензия берилгени ушын БЕМның  10 есеси муғдарында мәмлекетлик бажы өндириледи.

Ҳүжжет ҳаққындағы толық мағлыӯмат пенен www.lex.uz (http://lex.uz/pdfs/5072115) сайты арқалы танысыӯыңыз  мүмкин.